Шегиртке ҳәм тут зыянкесине қарсы гүресиў жумыслары әмелге асырылмақта

Шегиртке ҳәм тут зыянкесине қарсы гүресиў жумысларын әмелге асырыўда гүзги “раскопка” – қазып көриў жумыслары әҳмийетли илажлардың бири болып есапланады. Бул илаждың тийкарғы мақсети – шегиртке, тут зыянкеси ҳәм басқа да карантин әҳмийетине ийе зыянкеслердиң қыслап қалыў басқышларын анықлаў, олардың тарқалыў аймақларын белгилеў ҳәм келеси вегетация мәўсиминде нәтийжели гүресиў илажларын режелестириўден ибарат.
Гүзги қазыў барысында топырақтың ҳәр қыйлы тереңликлеринен үлги алынып, ондағы зыянкеслердиң мәйеклери, қабықлары, личинкалары ямаса басқа раўажланыў басқышлары арнаўлы лаборатория жағдайында изертленеди. Бул бақлаўдың нәтийжелери тийкарында шегиртке популяциясының келеси жылдағы қәўип дәрежеси, тут зыянкеси ҳәм басқа да зыянлы жәнликлердиң тарқалыў итималы бойынша анық болжаўлар дүзиледи.
Қазыў жумыслары Қарақалпақстан Республикасының барлық шегиртке тарқалыў қәўпи бар аймақларында басқышпа-басқыш алып барылды. Анықланған мағлыўматлар кейин ала бәҳәрги химиялық ҳәм агротехникалық ислеў жумысларын режелестириў, зыянкеслердиң кең тарқалыўының алдын алыў ҳәм аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығын сақлап қалыў ушын әҳмийетли болып есапланады.


Гүзги қазыў жумыслары тек ғана зыянкеслер популяциясын баҳалаўда емес, ал келеси жылғы шегиртке ҳәм тут зыянкеси қәўпин азайтыўда әҳмийетли басқыш болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги