Тилегенова Алтынай Ерназар қызының филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Тилегенова Алтынай Ерназар қызының 10.00.12 ‒ Қарақалпақ әдебияты қәнигелиги бойынша «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында троплардың қолланылыў өзгешелиги (Метафоралар, эпитетлер, теңеўлер. К.Каримов, Ж.Избасқанов, Б.Генжемуратов лирикасы мысалында)» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертациясының қорғаўы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң 2025-жыл 5-декабрь күнги саат 14.00 деги мәжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы бас студиясында) болып өтеди.
Мәнзил: Нөкис қаласы,
Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай,
Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29
email: karsu_info@edu.uz
Қарақалпақстан хабар агентлиги