Жер майданын нызамсыз ийелеў жуўапкершиликке алып келеди
65

Қарақалпақстанда 337,4 гектар жер өзбасымшалық пенен ийелеп алынған.
Кадастр агентлиги тәрепинен өткен 2025-жылдың 10 айы даўамында 3,7 мың жағдайда 337,4 гектарлық жер орынлары өзбасымшалық пенен ийеленгени анықланды.
Соннан, 2,2 мың жағдай (175,5 гектар) сапластырылып, 1,3 мың жағдайда (126,05 гектар) жер майданын мәмлекетлик жер қорына қайтарыў мақсетинде судларға даўа арзалары киргизилди.

Қалған 74 жағдайда (5,87 гектар) жер майданлары ҳуқықбузарлардың ҳәрекетинде жынаят белгилери болғаны ушын қоспа тәртипке муўапық Прокуратура уйымларына тийисли ҳүжжетлер жиберилди.
И.Тлеўов,
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.