Берунийдиң илимий мийрасы санластырылмақта

Өзбекстан Илимлер академиясы Шығыстаныў институты Әбиў Райхан Беруний аты менен аталып, илимпаздыӊ шығармалары аўдармалар ҳәм басылымлар арқалы избе-из үйренип келинбекте. Атап айтқанда, заман талапларына муўапық, институтта Беруний мийрасын санластырыў ҳәм оны дүнья илимий жәмийетшилиги ушын ашық электрон платформа көринисинде усыныў бойынша әмелий жойбар әмелге асырылды.
Жойбар шеңберинде Уллы Британия, Германия, Нидерландия, Түркия, Франция, Иран ҳәм Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлерде сақланып атырған қолжазбалардың электрон нусқалары жыйналып, олардың инглис тилиндеги илимий сыпатламалары менен бирге Heritage of Beruni сайтына жайластырылды.

Портал 43 шығармаға байланыслы 172 қолжазбаның 12 томлық илимий классификациясын, сондай-ақ, Берунийдиң өмири ҳәм сайт ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алады.
Усы тийкарда институт қолжазбалар фондында арнаўлы санлы “Беруний топламы” қәлиплестирилди. Жойбар шеңберинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында институт директоры, профессор Баҳром Абдуҳалимовтың “Scientific heritage in a digital format” атамасындағы мақаласы The UNESCO Courier журналында басып шығарылды.

ӨзР ИА Мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, келешекте Россия ҳәм араб мәмлекетлеринде сақланып атырған қолжазбаларды да усы системаға қамтып алыў режелестирилген.
М.Эшмирзаева,
ӨзА