Бәлент желбирей бер мениң байрағым!

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў – ҳәр биримиз ушын ана Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Соңғы жыллары елимиз байрағы астында халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Онда, Президентимиздиң идеялары, баслап берген ийгиликли ислери, белгилеп берген әҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мәнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дәўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.
Салтанатлы илажда мине усы ийгиликли ислер айрықша атап өтилди.
– Бүгин елимизде үлкен байрам. Институтымыздағы профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен таң азаннан пайтахтымыз орайындағы байрағымыз желбиреген майданға көтериңки кейпиятта жыйналдық. Ҳәзир ҳәммемиздиң кеўил-кейпиятымыз жоқары. Байрағымыз халықаралық майданларда, рәсмий делегациялардың сырт еллерге сапарлары ўақтында, халықаралық шөлкемлерде, конференцияларда, дүнья жүзилик көргизбелерде, спорт жарысларында бәлент желбиремекте ҳәм бизге үлкен күш-жигер бағышламақта, – дейди Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының тюторы А.Қурбанова.
Байрақ өзинде пүткил Өзбекстан халқының әзелий тилек-умтылыслары, ерк-ықрары, халқымызға тән миймандослықты сәўлелендирген. Мәмлекетлик байрақтың мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлер, оқыў орынлары, Өзбекстан ағза болған халықаралық шөлкемлер, сырт еллердеги елшихана ҳәм турақлы ўәкилханалардың алдында желбиреп турыўы, ҳәр қыйлы байрам салтанатларында, мәмлекетимиз ўәкиллери қатнасып атырған халықаралық көлемдеги сиясий, мәдений-ағартыўшылық илажларда, спорт жарысларында ўатанымыздың абырай-мәртебеси, халқымыздың мақтанышын айқын сәўлелендирип, кеўиллерди толқынландырады.
Мәмлекетлик белгилер бәрқулла муқаддес ҳәм уллы болып, ол халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешегин өзинде жәмлеген ўатанның символы есапланады.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы елимиз аймағында әййемги ўақытта бар болған мәмлекетлер менен тарийхый байланысты аңлатады ҳәм республиканың миллий-мәдений дәстүрлерин өзинде жәмлейди.
Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилген илаж көркем-өнер тараўы ўәкиллериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги