Палўан қызларымыз жеңиске еристи
69

Бухара ўәлаятында миллий гүрес бойынша ересеклер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли палўанлар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Кескин беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында, республикамыз палўанларынан ҳаял-қызлар арасында 70 кг салмақта Азада Медетбаева, ең аўыр +87 кг салмақта Сәнеайым Еркинбаевалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Ерлер арасында өткерилген беллесиўлерде болса, республикамыз ўәкиллерине медаль жеңип алыў несип етпеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги