“Made in Uzbekistan” бренди – дүнья базарларында өз орнын беккемлемекте

Усы жылдың 17-23-ноябрь күнлери аралығында Аўғанстанның Қабул қаласында “Имам Абу Ҳанифа – 4-миллий халықаралық көргизбеси ҳәм саўда ярмаркасы” болып өтпекте, – деп хабар бермекте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.
Оған “Made in Uzbekistan” миллий стенди менен қатнасыў мақсетинде Қоңырат районынан “Қоңырат сода заводы” ЖШЖ ўәкили М.Қурбаниязов ҳәм “Turan gold prom” ЖШЖ ўәкили У.Эргашевлар ѳзлериниң жергиликли өнимлерин халықаралық базарға шығарыў, жаңа шериклер табыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў мақсетинде өз стендлери менен белсене қатнаспақта.

Бул ѳз гезегинде жергиликли ислеп шығарыўшыларымыз ушын жаңа инвестиция имканиятлары, экспорт шәртнамалары, Аўғанстан базарындағы бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы кең имканиятларды жаратпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги