Мәмлекетлик байрақ – ғәрезсизлик тымсалы

55

18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилген күн. Усы сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институтында салтанатлы илаж болып өтти.

Илаж мәмлекетлик гимнлер менен басланды. Оған ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери, институттың профессор-оқытыўшылары, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим прокуроры Е.Адилов, институттың Өзбек тили, тиллер ҳәм жәмийетлик пәнлер кафедрасының доценти Т.Пирниязова, Жаслар менен ислесиў бөлиминиң баслығы А.Ажиевлер шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады. Шығып сөйлеўшилер тәрепинен атап өтилгениндей, 1991-жылдың 18-ноябрь күни тастыйықланған мәмлекетлик байрақ – ғәрезсизлигимиз, миллий қәдириятларымыз ҳәм халқымыздың ийгиликли умтылысларының айқын тымсалы болып есапланады. Бүгин Өзбекстан байрағы халықаралық майданларда, дипломатиялық ўәкилханаларда ҳәм абырайлы жарысларда желбиреп, Ўатанымыздың абырайы ҳәм халқымыздың мақтанышын билдирип келмекте. Мәмлекетлик нышанлар – өтмишимиз, бүгинимиз ҳәм келешегимиздиң муқаддес тымсалы.

Салтанатлы кешеде студент-жаслар да шығып сөйлеп, мәмлекетлик байрақ бойынша өзлериниң жыллы пикирлерин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги