Аўыл хожалығындағы жаӊа басламалар көрип шығылды

39

Президент Шавкат Мирзиёев 17-ноябрь күни пахташылықта нәтийжелиликти алдынғы тәжирийбе ҳәм технологиялар тийкарында арттырыў, аўыл хожалығын қаржылай қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар менен танысты.

Аўыл хожалығы мәмлекетимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейди. Тараўдың экономикадағы үлеси 20 процентти қурамақта, онда жылына 467 триллион сумлық өним жаратылмақта, 3,5 миллион адам мийнет етпекте. Соның менен бирге, жаңа ҳәм қайта исленген аграр өнимлер улыўма экспорттың үштен бир бөлегин тәмийинлемекте.

Презентацияда пахташылықта өнимдарлықты арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Оның ушын төмен зүрәәт алып атырған фермерлер менен мәнзилли ислесиў, алдынғы агротехнологиялар ҳәм азықландырыў әмелиятларын дурыс енгизиў, агроном таярлаў системасын түпкиликли реформалаў илажлары белгилеп алынды.

Соның ишинде, пахташылықта устаз-шәкирт дәстүрлерин жолға қойыў арқалы өнимдарлықты 60 центнерден асырған алдынғы фермерлерди 30 центнерден аз өним алған фермерлерге бириктириў усыныс етилди.

Алдынғы фермерлер Аўыл хожалығы маманлығын арттырыў институтында қайта таярланып, оларға сертификат бериледи. Төмен өним алған фермерлерде өнимдарлық кеминде 50 центнерден асса, оларға бириктирилген алдыңғы фермерлерге 5 миллион сумнан сыйлық пулы бериледи.

Агрономларды таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде Аграр университет ҳәм тараўда агрономларды таярлайтуғын басқа да жоқары оқыў орынларының питкериўшилери ушын еки жыллық “дуал билимлендириў” механизми енгизиледи. Алдынғы кластер ҳәм фермер хожалықларында әмелият өтеген студентлерге стипендия, оларды оқытқан қәнигелерге болса хошамет пулы төленеди.

Презентацияда жергиликли пахта сортларын жаратыў жумыслары да айрықша көрип шығылды.

Елимизде пахташылық бойынша еки сийрек ушырасатуғын илимий институт – Геномика ҳәм биоинформатика орайы ҳәм Пахташылық институты бар екенлиги, бирақ олардың имканияты толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди.

Сортларды селекциялаў тийкарында пахта туқымгершилигин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде бул институтларда фитотрон ҳәм репродукциялық ыссыхана қурып бериў тапсырылды. Нәтийжеде жаңа жергиликли сорт жаратыўға керек болған ўақыт 2,5 есеге қысқарады, илимпазлардың жумысы тезлеседи, импорт туқымға зәрүрлик қалмайды.

Ғаўашаны плёнка астына егиў тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў режелери көрип шығылды.

Президентимиз тараўда агродронлардан пайдаланыўды кеңейтиў, бул бағдарда қәнигелерди таярлаў әҳмийетли екенлигин көрсетип өтти.

Аўыл хожалығына жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды енгизиў мәселеси де күн тәртибинде болды. Ҳәзирги ўақытта Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм сырт ел компаниялары менен биргеликте бул бағдарда кадрлар таярлаў ҳәм илимий инфраструктура жаратыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Финанслық қоллап-қуўатлаў мәселелери де додаланды.

2026-жылдан пахта-ғәлле, мийўе ҳәм собықлы егинлер бойынша өнимди ықтыярый қамсызландырыў системасын жолға қойыў, қамсызландырыў сыйлығының 50 процентин бюджеттен қаплап бериў усыныс етилди.

Субсидиялар системасын әпиўайыластырыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта ҳәр қыйлы уйымлар тәрепинен берилип атырған 75 түрдеги субсидияны бирден-бир платформа арқалы ажыратып баратуғын Аграр тараўда төлем агентлигин шөлкемлестириў басламасы билдирилди. Бул фермерлер ушын артықша әўерегершилик ҳәм бюрократияны кескин азайтады.

Президентимиз усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА