Экономикадан мәдениятқа шекем- Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўинде жаңа имканиятлар есиги ашылмақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов 16-17-ноябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.
Көксарай резиденциясында 17-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан қатнасықлары тарийхый туўысқанлық ҳәм мәдений жақынлық дәстүрлерине сүйенген ҳалда қәлиплескен.
Еки халық арасындағы кеўил ашықлығы ҳәм өз-ара ҳүрмет бәрқулла сезилип турады. Бул, атап айтқанда, мәмлекетлераралық сиясатта, шегара аймақларындағы әпиўайы адамлардың күнделикли қарым-қатнасында, бир-бирин қоллап-қуўатлаў мәдениятында айқын көринеди.
Кейинги жылларда унамлы динамика және де жанланды. Тек ғана санлар ямаса рәсмий көрсеткишлер емес, еки мәмлекеттиң мәплериниң уқсаслығы сәўлелендирилмекте. Саўда айланысының жедел өсиўи, биргеликтеги жойбарлардың көбейиўи, транспорт ҳәм логистика бағдарларының жедел раўажланыўы өз-ара исеним ҳәм ашық-айдынлықтың әмелий көриниси болып есапланады.
Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Түркменстан қатнасықлары Орайлық Азияда турақлылық, жақынлық ҳәм тилеклесликти тәмийинлейтуғын әҳмийетли таяныш ноқатлардан бирине айланып бармақта.
Бул мәмлекетлик сапар Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.
Барлық тараўларда ерисилип атырған унамлы пәт ҳәм жедел байланыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сондай-ақ, мәдений илажлар турақлы түрде өткерилип келинбекте. Сапар алдынан Үргенш ҳәм Ташкентте өткерилген Түркменстан мәденияты күнлери ҳәм фильмлериниң көрсетилиўи қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Өткен жылы товар алмасыў көлеми артты. Жүк тасыў артып бармақта, соның ишинде, Түркменбашы портынан пайдаланыў жеделлескен.
Сөйлесиўлерде өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм санаат, энергетика, транспорт, машина қурылысы, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында нәтийжели кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Аймақлараралық алмасыўларды және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Хийўа қаласында үшинши Аймақлар форумын өткериўге келисип алынды.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сөйлесиўлери кеңейтилген қурамда еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында даўам етти.
Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстан Президентиниң мәмлекетлик сапары еки халық арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларының беккемлигиниң айқын дәлили екенин атап өтти.
Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Саўда, транспорт, энергетика, суў хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берилди.
– Бул жетискенликлерде Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы, ҳүрметли Гурбангули Бердимуҳамедовтың үлкен үлеси бар, – деди Президентимиз.
Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты. Өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм еркин саўда режиминен нәтийжели пайдаланыў арқалы бул көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
“Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасының иске қосылыўы да товар алмасыўды көбейтиўге хызмет етеди. Бул тәжирийбени басқа да мәнзиллерде, биринши гезекте, “Алот-Фараб” аймағында қолланыў бойынша келисимге ерисилди.
Санаат кооперациясын кеңейтиў мақсетинде қурылыс материаллары, фармацевтика, азық-аўқат өнимлери ҳәм басқа да талап жоқары болған товарларды ислеп шығарыўға қаратылған жаңа жойбарларға бизнести жедел тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Энергетика тараўында нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылған. Және де кеңирек жойбарларға өтиў, соның ишинде, перспективалы кәнлерди биргеликте өзлестириўге келисип алынды.
Транспорт тараўы еки мәмлекет экономикаларын байланыстыратуғын әҳмийетли буўын болып есапланады. Жүк тасыў көлеми артып бармақта, бажыхана-логистика тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылмақта. Тәреплер Түркменбашы портын биргеликте раўажландырыў ҳәм пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўларды қайта тиклеўге келисип алды.
Ерисилген келисимлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў ушын жылдың ақырына шекем Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери өткериледи.
Жетекшилер гуманитар тараў көп тәреплемели байланыслардың беккем тийкары екенин атап өтти.
Бирге ислесиў пәтин сақлап қалыў ушын тәреплер өз-ара концертлер ҳәм театрлардың дөретиўшилик сапарларын турақлы түрде өткериў, Хийўада Жаслар форумын шөлкемлестириў ҳәм биргеликте фильмлер ислеп шығарыў әмелиятын даўам еттириўге келисип алды.
Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими бағдарындағы алмасыўлар жеделлеседи.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшылары ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша кең көлемли “жол картасы”н қабыл етиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов “Шават-Ташаўыз” биргеликтеги шегара алды саўда зонасын иске қосыў мәресиминде қатнасты.
Бул аймақта дирекция, бажыхана, карантин, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық хызметлердиң ҳәкимшилик имаратлары, саўда павильоны ҳәм қоймаханалар жайласқан.
Бул жерде “бир айна” принципи тийкарында мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи, интерактив системалар, банк, медицина ҳәм мийманхана хызметлери ушын зәрүр инфраструктура, сондай-ақ, үлкен автомобиль туратуғын орын да шөлкемлестирилген.
Зонаның жумысы улыўма халқы 3,5 миллионнан аслам болған еки әҳмийетли аймақ – Өзбекстанның Хорезм ўәлаяты ҳәм Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўге хызмет етеди.
Буннан соң Көксарай резиденциясында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Олий Даражали Дўстлик” орденин тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы абырайлы сыйлықты тапсырып, бул қарар Түркменстан Президентиниң еки туўысқан мәмлекет арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўдеги жетискенликлерине Өзбекстан халқының қызғын ҳүрмети ҳәм тән алыўының көриниси екенин атап өтти.
– Сиз әкеңиз, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың жумысын мүнәсип даўам еттирип атырсыз. Мәмлекетиңизде халықтың абаданлығын тәмийинлеў ушын исенимли тийкар жаратып атырған кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жылы Түркменстанда “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” және мәмлекет Бийтәреплигиниң 30 жыллығына бағышланған ири илажлар өткерилмекте.
Сердар Бердимуҳамедовтың көп тәреплемели Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларын кеңейтиўге қосқан үлеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул, биринши гезекте, саўда-экономикалық ҳәм бирге ислесиў байланысларының ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанынан ибарат. Үлкен жойбар – “Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасы иске қосылды. Энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажланбақта.
Бул сыйлық беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тымсалына айланатуғыны атап өтилди. Өз гезегинде, Түркменстан Президенти Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқына жоқары тән алғаны ушын миннетдаршылық билдирди және еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылысы исенимли екенин атап өтти.
Нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Буннан тысқары, мәмлекет басшылары жанында төмендеги еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти:
– Өзбекстан – Түркменстан шегара алды саўда зонасының жумысы ҳаққындағы шәртнама;
– Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;
– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳаққындағы келисим;
– Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққындағы протокол;
– Халықаралық автомобильде жолаўшы ҳәм жүк тасыў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққындағы протокол;
– Әдиллик министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Мәденият тараўында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Нефть өнимлери ҳәм суйық химиялық жүклерди тасыў ушын темир жол вагонларын жеткерип бериў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум;
– Биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;
– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Түркменстан Сыртқы ислер министрлигиниң Халықаралық қатнасықлар институты арасында Өзбекстан – Түркменстан экспертлер кеңесин дүзиў ҳаққындағы меморандум;
– Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты ҳәм Түркменстан Мәмлекет, ҳуқық ҳәм демократия институты арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум;
– Тоғай хожалығы тараўында 2026-2030-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша “жол картасы”;
– Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәкимликлери менен Лебап ўәлаяты ҳәкимлиги, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен Ахал ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Ташаўыз ўәлаяты ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.
Президентимиз бул тарийхый мәмлекетлик сапар етиў туўысқан мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин және де беккемлеп, оны жаңа шеклерге алып шығатуғынына исеним билдирди.
Сөйлесиўлерде сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Саўда-экономикалық ҳәм кооперациялық байланысларды кеңейтиў әҳмийетли бағдар сыпатында атап өтилди.
Онда бүгин иске қосылған “Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасы айрықша орын ийелейди. Тәреплер бул тәжирийбени басқа шегараалды аймақларда, бәринен бурын, “Алот-Фараб” аймағында қолланыў нийетинде.
Регионның транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын күшейтиў мақсетинде ҳүкиметлерге автомобиль, темир жол ҳәм теңиз арқалы тасыўларды раўажландырыў, Түркменбашы халықаралық теңиз портынан биргеликте пайдаланыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Энергетика мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Электр энергиясының жеткерип берилиўи ҳәм транзити бойынша бирге ислесиўди және де тереңлестириў, еки мәмлекет аймағында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бағдарында исенимли умтылыс бар екенлиги атап өтилди.
Тәреплер қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында, соның ишинде, Орайлық Азия регионында бирге ислесиўди раўажландырады.
Және бир тийкарғы бағдар – аймақлараралық бирге ислесиў. Бухара ҳәм Түркменабад қалаларында аймақлар форумлары табыслы өткерилди. Жақында Хийўада еки мәмлекеттиң барлық ўәлаятларының қатнасыўында үшинши форум болып өтеди.
Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары шеңберинде регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда сезилерли жетискенликлерге ерисилди.
Күни кеше Ташкент қаласында өткен жетинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары регионда интеграция процесслери ҳәм тилеклесликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жуўмағында бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, туўысқан мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында үлкен нәтийжелерге ерисиўге өз-ара умтылыс исенимли екени тастыйықланды.
Усы күни Жоқары мәртебели мийман “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратылды. Ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыз ҳүрметине қурылған Ғәрезсизлик монументи Түркменстан Президенти ҳәм делегация ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев Президент Сердар Бердимуҳамедовты “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында шығарып салды.
ӨзА