Спортшыларымыздан байрам саўғасы

81

Таиланд мәмлекетиниң Бангкок қаласында спорттың жиу-житсу түринен  Жәҳән чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа 100 ден аслам мәмлекеттиң спортшылары қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллесиўлерге түсти.

Кескин өткен беллесиўлер соңында, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз спортшылары 1 гүмис  ҳәм 7 қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектеби тәрбияланыўшысы С.Бердинизязова, Елликқала районындағы 1-санлы спорт мектеби тәрбияланыўшылары К.Ғуламова, М.Тохатабаев, Тақыятас районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары А.Тажибаев, Д.Оразбаева, А.Хайбулла ҳәм С.Тиркешовлар үшинши орынды ийелеген болса, Ж.Махсетбаев сыйлы  екинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Спортшыларымыздың қолға киргизген бул жеңиси Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 34 жыллық байрамына ҳақыйқый саўға болды десек болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы