Тарийхый әдалатты тиклеў – бул миллетти раўажландырыў демек

44

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Қудратилла РАФИҚОВ пенен сәўбет

– Данышпанлардан бири – тарийх инсанияттың уллы естелиги, дегенинде ҳақ еди. Өйткени, өзлик мудамы естеликтен күш алады. Әйне, сол – өтмиш сабақлары ғана инсан қәлбин жақсылық жолларына шақырып турады. Гейде адам узақ сапарға шыққанда, бир мәнзилге жеткенде артқа бир нәзер таслайды, басып өткен жолын есап-китап етеди.

Усы мәнисте, шөлкемлерди де инсанға уқсатыў мүмкин. Олардың да өз өтмиши, ашшы-душшы еске түсириўлери бар. Бул еслеўлерде гейде тегис, гейде ойлы-шуқырлы жоллардың сабағы, жақсы ҳәм жаман кеширмелер қалдырған ҳикметлер сәўлеленеди.

Бүгин өзиниң 120 жыллық юбилейин белгилеп атырған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекети де буннан шетте емес, әлбетте.

Билиўимше, бул тарийхты үйрениўге жақыннан баслап қатаң кирисилди. Мени ойландыратуғыны: бул зәрүрлик енди жүзеге келди ме? Өтмишке әдалат көзи менен қараў, тарийхты қалыс сәўлелендириў ушын берилген инам – Миллет ғәрезсизлигине ерисилгенине отыз жылдан аслам ўақыт өтти…

– Сиз айтып атырған тема – яғный, неге әйне бүгинге келип тарийхқа “жүз бурғанымызға” бир сөз бенен толық жуўап бериў қыйын жумыс. Оның өзине тән тәреплери, жәмийетлик-сиясий характери, қалаберсе, объектив ҳәм субъектив тәреплери бар, оларды талқылаў ушын бир қатар оғада әҳмийетли ҳәм әҳмийетли мәселелерге қол урыў керек болады. Тап усы себепли, буған сәл кейинирек тоқтап, ҳәзир сораўыңыздың биринши бөлими – тарийх, кәсиплик аўқамлары өтмишин үйрениў бағдарындағы тәжирийбемиз ҳаққында сөз етсек жақсы болады, деп ойлайман.

Бирақ, сөзимниң алдында бир нәрсени айтып өтиўим керек, усы тема қаншелли тартымлы, ғалабалық қызығыўшылық ҳәм алғысларға ең көп бөленген болмасын, қалыс сөз бенен айтқанда, екеўимиз де профессионал тарийхшы емеспиз. Биз дәлил излеп, өтмиш бетлери арасына шаң жутқанымыз жоқ, архивлерде қабатлары сарғайған қағазлардыӊ дәсте-дәстелерин тинткенимиз жоқ. Сол себепли, мениңше, сәўбетимизден мақсет тарийхтан жуўмақ алыў болса, әйне мақсетке муўапық болар еди. Ҳақыйқатында да, ҳәр бир инсан өтмиш ҳаққында тартысар екен, оннан өзлигин излейди, ким екенлигин (идентитетин) дәлиллеўге ҳәрекет етеди.

“Тымсаллар жәрдеминде биз бахытқа ерисе алмаймыз. Бул жерде бираз салмақлырақ басқа бир нәрсе бар…” деген еди бир ўақытлары француз философы Альбер Камю. Тарийхқа байланысы жоқ сыяқлы көринсе де, бул пикирлерде мен тап өтмиш дигиршигин көргендей боламан. Инсанияттың бахытлы өмир ҳаққындағы арзыў-нийетлериниң орынланыўын, машақатлы мийнетиниң рәҳәтин көриў тилеги бул тымсалларда сәўлеленген, деп ойлайман.

Кәсиплик аўқамлары да инсаният тарийхы, оның бахытлы өмир әрманы менен тығыз байланыслы болып, ол қандай көринисте болмасын, бәрқулла адамзатты бирлесиўге, абадан турмыс ушын гүресиўге шақырып келген. Әййемги өтмиштиң бизге белгили бетлеринен – ол тасқа ойылған жазыўлар бола ма, қағазлардағы сарғайған жазыўлар бола ма, халық аўызеки дөретиўшилиги болған дәстанлар, термелер ҳәм нақыл-мақалларда бола ма, ҳәммесинде – барлығында да әйне усы жылўалар сәўлеленеди.

Бизиң түркий ата-бабаларымыз, дүньяға өз сөзин айтқан бабаларымыз жаратқан мәмлекетшилик тарийхында да бүгинги жәҳән кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң өзине тән элементлери бар. Олар анық “кәсиплик аўқамлары” деп аталмаса да, белгили тараў ўәкиллерин өзинде жәмлеген еди. Өз-ара сайлап қойылған жетекшилер командаласлары, жолдасларының ҳуқықлары ҳәм мәплери ушын гүрескен еди.

Әне, усы бағдарларда терең изертлеўлер өткериў, ата-бабаларымыздың исенимге тийкарланған бирлеспелериниң жумысын фундаменталлық үйрениў, мениң пикиримше, тек ғана өзимиз ушын емес, ал дүнья кәсиплик ҳәрекети ушын да пайдадан жырақ болмайды.

Бәлким, жас тарийхшыларымыз бул бағдарда излениўлер алып барар. Сонда және де анығырақ жуўмақлар алсақ, дүньяға үлги болатуғын тәреплерди табатуғын болсақ, әжеп емес.

– Өзбектиң уллы жазыўшысы Абдулла Қадирийдиң сөзи менен айтқанда, “Өтмишке қайтып ис көриў жақсы” дейсиз-дә?

– Солай. Ҳақыйқатында да, жадид ағартыўшысы Абдулла Қадирий де кәсиплик ҳәрекетиниң жетекшилеринен бири, Түркстан кәсиплик аўқамының бас хаткери болғанын билесиз бе?

– Жақында усы ҳаққында оқыған едим.

Тек Абдулла Қадирий емес, ал Махмудхожа Беҳбудий, Абдулла Авлоний, Ҳажы Муин Шукруллаев, Султанхожа Қасымхожаев, Мухаммед Саид Аҳрарий, Тавалло сыяқлы уллы жадидлеримиз бар. Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий де кәсиплик аўқамларының раўажланыўына өзине тән үлес қосқан. Ол бир мүддет Хорезм кәсиплик аўқамлары Орайлық комитети аппаратында Мәденият бөлими баслығы лаўазымында ислеген.

Бул мағлыўматлар соны көрсетеди, Ўатан азатлығы ушын гүрескен уллыларымыз Миллет келешеги жолында бирлесиўде кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң әҳмийетин терең аңлап жеткен. Махмудхожа Беҳбудий “Ҳақ берилмейди, ҳақ алынады”, деп атап өткенинде де тап усы ҳақыйқатты нәзерде тутқан болса, не әжеп…

Улыўма, жадидлер дәўириндеги кәсиплик ҳәрекети үлкен ҳәм әдеўир аўыр кешти. Бул тарийхқа, рети келгенде, және тоқтап өтемиз. Яғный айтпақшыман, Сиз бағана зәрүрлик ҳаққында сораған едиңиз, сол сораў жуўапларын излеўде әйне жадидлер дәўири кәсиплик аўқамы тарийхына нәзер таслаў керек болатуғынын айтпақшыман.

Ҳәзир болса Өзбекстанда кәсиплик аўқамныӊ дәслепки ҳәрекетлери ҳаққында сөз етейик. Себеби, бул дәўир темамыздың тийкарғы ноқатларынан бири.

– Мениң билиўимше, усы ўақытқа шекем тарийхымызда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекети 1925-жылдан басланған деген фактлер үстин еди. Бул, түсиниўимше, “Өзбекстан” аты менен байланыслы болса керек?

– Пикириӊизге бираз қосыламан. Бирақ бул бизиң жаңа тарийхшылығымыздағы кемшиликлер менен байланыслы. Биз совет дәўиринде сол идеология астында жазылған тарийхты оқып, өскенбиз. Ғәрезсизлик жылларында болса сол китаплардың сыртқы көриниси ҳәм бир неше баплары ғана алмасты. Тарийхшыларымыз жазылған өтмиш жазыўларын “совет” көз әйнеклеринде – сол идеология көз қарасы менен редакторлады.

Мейли, темадан шығып кетпейик. Соңғы үш жыл ишинде кәсиплик аўқамлары ҳәрекети тарийхы илимий жақтан үйренилип, көплеген дереклер талланды. Олар тийкарында Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекетине 120 жыл толғаны дәлилленди.

Дереклерден белгили болыўынша, Түркстанда кәсиплик аўқамлары пайда болыўынан алдын жумысшы-хызметкерлер ҳәр түрли дөгерек, жыйын ҳәм аўқамларға бирлесе баслаған. Таллаўлар 1905-1907-жыллары ҳәзирги Өзбекстан аймағында ҳақийқаттан да кәсиплик аўқамларыныӊ хызмет көрсеткенлигинен дерек береди. Алдынғыларының атында “кәсип” сөзи болмаса да, олар тәбияты ҳәм өзгешелиги бойынша, жумысшы-хызметкерлер тәрепинен өз экономикалық ҳәм кәсиплик мәплерин қорғаў мақсетинде дүзилгени, жумыс бериўши ҳәм хызметкерлер арасындағы қатнасықларды тәртипке салыў мәселелери менен шуғылланғаны себепли басқа мәмлекетлердеги ҳәзирги кәсиплик аўқамларына толық сәйкес келеди.

Кәсиплик аўқамлары искерлигиниң билимданы болған Авлоний 1920-жылы “Кәсиплик ҳәрекети” журналының шөлкемлестириўшиси ҳәм бас редакторы болады.

Усы журналдың 1921-жыл 1-апрельдеги 7-санында “Бурынғы ҳәм ҳәзирги кәсиплик аўқамлары” атлы мақала берилген. Онда Абдулла Авлоний “Жумысшылыр класының байлар (ири ис ийелери, ақсүйеклер) менен гүрес бирлеспелери сыпатында болған кәсиплик аўқамлары бизиң Россияда (Россияға қараслы болған Түркстан жеринде) 1905-жылы шөлкемлестирилип, кәсиплик ҳәрекетиниӊ биринши дәўири мине, усы сәнеден басланады”, деп жазады.

Совет тарийхы энциклопедиясының 14-томында жазылыўынша, Түркстанда биринши рәсмий емес дөгереклер 1903-жылы Ташкентте, кейинги жылы Самарқандта пайда болған. Улыўма алғанда, 1905-жыл гүзде Ташкентте жумысшылардың 15 дөгереги хызмет көрсеткен. Бирлеспе сыпатында қәлиплескен бул дөгереклер кейинги үш жыллықтағы ис таслаўлар ҳәм демонстрацияларда белсене қатнасты.

Түркстан үлкесинде дәслепки кәсиплик аўқамларының дүньяға келиўи Орта Азия ҳәм Оренбург-Ташкент темир жолының қурылысы менен байланыслы, десек алжаспаймыз. Тарийх илимлериниң докторы, профессор Л.В.Гентшкенин пикиринше, 1905-жылдың гүзинде Пүткил Россия темир жол аўқамының Түркстан бөлими шөлкемлестирилген. Арадан төрт-бес ай өтпей-ақ, ол Орта Азия ҳәм Оренбург-Ташкент темир жолларының 8 мың жумысшы-хызметкерин өз қатарына қамтып алған.

“Самарқанд” газетасының 1905-жылы 10-июньдеги 116-санында басып шығарылған “Темир жол хызметкерлери аўқамы” атлы мақалада темир жоллар системасындағы түрли кәсип ийелери ҳәм жумысшы-хызметкерлерди қамтып алыў ҳәм бирлестириўге уқыплы кәсиплик аўқамларын дүзиў зәрүрлигиниӊ туўылғанлығы еслетилген.

– Мен оқыған дереклерде жазылыўынша, 1905-жылы 14-октябрьде Түркстан темир жолларының жумысшы-хызметкерлери мийнет ҳақысының төменлиги, жумыс шараятының аўырлығы себепли демонстрациялар өткереди. Оларға басқа кәрханалардың жумысшылары, темир жол батальоны әскерлери, ҳәтте Әмиўдәрья флотилиясы матрослары да қосылып, ис таслайды. Патша ҳүкимети 19-октябрьде көтерилисшилерди улыўма оққа тутты. Бул қырғыншылықларда қаза болғанларды жерлеў мәресимлери халықтың ашыўын қайтадан қоздырады. 15-16-ноябрьде қайта көтерилислер ҳәм демонстрациялар болады. Тилекке қарсы, олар да мийнеткешлер ўәкиллерин атыў менен жуўмақланады…

– Тилекке қарсы, шөлкемимиз тарийхының дәслепки дәўирлеринде усындай аянышлы өткен естеликлер де бар. Бирақ сол жылдың декабринде темир жолшылардың ис таслаўлары тоқтап қалады. 13-20-декабрь күнлери Орта Азия темир жоллары жумысшы ҳәм хызметкерлериниң I Қурылтайы өткериледи. Онда келеси январь айынан баслап 8 саатлық жумыс күнин белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилген. 1906-жылы 1-июльде болса Ташкентте Орта Азия ҳәм Оренбург-Ташкент темир жолшыларының биринши Түркстан бирлескен Қурылтайы болады ҳәм Темир жолшылар кәсиплик аўқамының Уставы мақулланади. Сол ҳүжжет ҳәзир Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарийхы музейинде сақланбақта.

Ташкенттеги байланыс хизметкерлериниң 1905-жыл 24-октябрьде болған жыйналысында болса Түркстан Почта-телеграф бирлеспеси дүзиледи. Мәжилисте аўқам ислерин басқарыў ушын комитет сайлаў ҳаққында қарар шығарылады.

“Туркестан”, “Туркестанские ведомости” ҳәм “Русский Туркестан” газеталарының 1905-1907-жыллардағы айырым санларында берилген мағлыўматлар да сол ўақытлары жоқарыда аталған кәсиплик аўқамлары дүзилгенин тастыйықлайды.

Ашығын айтқанда, сәўбетимиздиң басында айтқанымдай, бизлер тарийхшы емеспиз. Соның ушын өтмиш хроникасы менен тарийхшылар шуғылланғаны мақул. Толық билиўди қәлейтуғынларға болса “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары: 120 жыл халық пенен” атлы еки томлық китапты оқыўды усыныс еткен болар едим. Бул мийнет Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетиниң даңқлы 120 жыллығы мүнәсибети менен басып шығарылған болып, дәўирлер тарийхы қалыс ҳәм толық сәўлелендирилген.

– Бул китапты мен де оқып шықтым. Онда жадид бабаларымыздың Миллет ҳәм Ўатан жолында кеширген аянышлы тәғдири ҳаққында да жазбалар бар. Сиз сәўбетимиздиң басында жадидлер дәўири кәсиплик ҳәрекети ҳаққында кеңирек пикир билдириўге ишарат етип өткен едиңиз. Айтыңызшы, бул дәўир 120 жыллық тарийхый жылнамаларды үйрениў зәрүрлиги нелерде сәўлеленеди? Ҳәм еле кейинирек қойған сораўыңыз – не ушын бүгинге келип тарийхқа жүз бурып атырғанымыз ҳаққында да, имканияты болса, айтып берсеңиз.

– Мен көп мәжилислерде, баспасөзде қайта-қайта айтқан бир пикирде тураман: узақ жыллар көп апатшылықларды басынан кешириўге мәжбүр болған бул ел ҳәм оның халқы енди тек ғана мәмлекет суверенитетин беккемлеў емес, ал умыттырылған ҳәм қушағынан жулып алынған уллы өтмиштиң естелиги, мәденияты ҳәм ата-бабаларының мийрасын тиклеў және бул мақтанышлы ҳәрекет сыпатында өзлигин табыўға, руўхый жаңаланыўға бел байлаған.

Совет заманлары өз-өзинен түсиникли. Бирақ ғәрезсизликтиң шерек әсирден аслам, биз мақтанышлы деп көклерге көтерип келген дәўирде де өтмиш тарийхымызға қатнас өзгермей қалды. Түсиниўимше, тарийхты, миллеттиң өзлигин шын мәнисинде көрсетиў миллий сезимлерди оятып жибериўи мүмкин, деген қәўипке барған болса, әжеп емес. Қалаберди, өзин бәрқулла “классикалық күш” деп есаплайтуғын ойыншы идеологиялар кешеге шекем бизиң мектеплеримизде миллий тарийх қандай оқытылыўы керек екенлиги ҳаққында ашық-айдын қәўетер билдирип келди. Бундай басым ҳәм қәўетерлерди жеңип өтиў ҳәр кимниң қолынан келе бермейтуғыны тәбийғый.

Мен жақында болып өткен қурылтайымыздағы баянатымда ҳүрметли Президентимиз әмелге асырған жәмийетлик-сиясий реформаларды ҳеш гүманланбастан “революция” деп билетуғынымды айттым. Ҳақыйқатында да солай! Тарийхты тиклеў де, сөзсиз, революция – руўхый революция!

Сиясатшылар тилинде мысқыл аралас “ғәрезли ғәрезсизлик” деген бир термин-атама жүреди. Бул атама көбирек биз – поссовет мәмлекетлерине қарата қолланылады. Мениңше, буны артықша түсиндириўдиң кереги жоқ. Әпиўайы етип айтқанда, бул “ғәрезсизсең, бирақ соның менен бирге, ғәрезлисең” дегени. Идеологиялық жақтан – тарийхты үйрениў, мәденият ҳәм мәлимлеме тараўларында биз “дәстүрий усыл”ға ғәрезли едик. Улыўма ҳәм анық айтылған усы тийкардың өзи де Шавкат Мирзиёев қысқа дәўирде биз бүгин жетерли дәрежеде аңлай алмай атырған, бирақ уллы исти әмелге асырғанын дәлиллеўимиз ушын жетерли тийкар бола алады, деп ойлайман.

– Өзиңиз жоқарыда еслеткениңиздей, жақында болып өткен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының IХ Қурылтайында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары сарайына байланыслы әҳмийетли бир мағлыўматты айтып өттиңиз. Кәсиплик аўқамларының узақ өтмишине гүўа болған бул имарат Жаңа Өзбекстан дәўиринде Президентимиз тәрепинен Федерация ықтыярына берилди.

Кәсиплик аўқамлары тарийхы менен байланыслы сарайдың Федерация есабына өткерилиўинде мен сиз итибар қаратқан бир тымсалды – өзликтиң және өз өзегине қайтып атырғанын көргендей болдым.

– Ҳақыйқатында да, бул саўлатлы имараттың тарийхы узақ. Оның 100 жылдан аслам ўақытқа ийе өтмиши халқымыздың тек ғана руўхый емес, ал жәмийетлик-сиясий турмысы менен тығыз байланысып кеткен. Биз болса бул тарийхтың көбирек мәдениятқа байланыслы, атап айтқанда, бул дәргайда бир ўақытлары миллий көркем өнеримиз ҳәм жәҳән мәдениятының белгили тулғалары өзиниң бийтәкирар ҳәм жарқын талантын көрсеткенинен ғана хабардар едик.

Бирақ тарийхты үйрениў соны көрсетти, бүгинги үлкен әўлад “Свердлов” концерт залы сыпатында билетуғын орын дәслепки жумысын өткен әсирдиң басында “Колизей” театры аты менен баслаған. Өз ўақтында Ташкенттеги 1100 орынға мөлшерленген ең үлкен тамаша залына ийе болған.

Тарийхий дереклерге қарағанда, усы сарайда 1905-1907-жыллары Түркстан кәсиплик аўқамларының биринши шөлкемлестириў мәжилиси, 1920-жылы Түркстан Республикасы кәсиплик аўқамларының II Съезди, 1925-жылы март айында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Кеңесиниң (Узсофпроф) I Қурылтайы болип өткен. Әлбетте, бул фактлер, көшпели мәнисте айтқанда, усы дәргай шөлкемимиз ушын бесик ўазыйпасын атқарғанын көрсетеди, десем, дурыс айтқан боламан. Бул пикирлерим менен бул жердиң кәсиплик аўқамларының ықтыярына берилиўи руўхый жақтан дурыс болғанын және бир мәрте айтпақшыман. Қалаберди, бул әмелият – тарийхый болған бул сарайға ийеси таўып бериўдиң басқа да себеплери бар еди. Бул ҳаққында сәл кейинирек айтаман.

Ал ҳәзир тиккелей сарайымыздың өтмишине кеңирек тоқтап өтейин. Өйткени, ол көпшилик ушын жүдә қызық. 1914-жылы Абдулла Авлоний басшылығындағы өзбек ҳәўескерлик труппасының дәслепки спектакли – Беҳбудийдиң “Падаркуш” драмасы тийкарында таярланған спектакль де усы жерде қойылған. Сонлықтан, бул дәргай миллий көркем өнеримиз тарийхына байланыслы, десек алжаспаған боламыз. Кейин ала қайта реконструкцияланған “Колизей”ге Я.Свердлов аты бериледи. Жоқарыда айтқанымдай, үлкен әўлад ушын бул жер естеликлерге оғада бай. Себеби бул сарай өз ўақтында тек ғана пайтахттың емес, ал мәмлекетимиздиң әҳмийетли мәдений орайы болған.

Бирақ көркем өнер тараўына, академиялық музыка ҳәм сезгир акустикаға ийе болған бул бийбаҳа дәргай узақ жыллар ийесиз қалғандай болды. Биресе ол шөлкем, биресе бул шөлкем қолма-қол етип, оның абырайына да, тарийхый қунына да зыян келтирди. Ең жаман тәрепи, “ийелер” сарайдың даўысты тәбийғый қыздырып туратуғын “тәбиятына” зыян жеткерген.

Бузған, сындырған, тескен, қулласы, мәденият тарататуғын сийрек ушырасатуғын тарийхый сарайды әпиўайы офиске айландырған.

Өз ўақтында соны айтыўым керек, бул көркем өнер дәргайының өтмиши ҳәм тәғдири Президентимизди узақ ўақытлар ойландырып келгенине жеке өзим гүўа болдым. Шавкат Миромонович оның тарийхын өзине қайтарыў, ески жағдайдағы жумысын тиклеў әдил ис болыўы ҳаққында бир неше мәрте айтқан. Бирақ ол ўақытлары буны әмелге асырыўдың пурсаты болмаған еди.

Президентимиз бул имаратты Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы қарамағына өткериўде гөзлеген мақсетлериниӊ бири, жоқарыда айтқанымдай, оның тарийхый даңқы ҳәм тартымлылығын қайтаратуғын “ийеси”ниң қолына тапсырыўдан ибарат еди, нәзеримде. Әлбетте, ўайран етилген нәзик талғамлы архитектуралық қурылыс жумысларын қайта тиклеў үлкен мийнет, билим ҳәм тәжирийбе талап етеди. Соның ушын биз дүньяның ҳәр қыйлы орынларынан бундай қәнигелескен, сийрек ушырасатуғын шешимге ийе залларды қурыў ҳәм үскенелеў бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелерди Ташкентке шақырдық, олардың мәсләҳәтин, жәрдемин алдық. Узақ жыллар “өз көшери”нен шығып кетип, сергиздан болған тарийхый сарай Президентимиздиң басламалары менен және халқымызға қайтарылды.

Бүгин бул көркем өнер дәргайы өзбек мәденияты ҳәм көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, жас әўладтың руўхый дүньясын жоқарылатыўдай ийгиликли иске өзиниң үлесин қоспақта.

Бул да Миллет Лидериниң басламасы менен халқымыз ушын және бир әдилликтиң тиклениўине мысал бола алады.

– Егер тарийх жазылып атырғанда бир ҳәрип түсип қалса да, бул қәте тек ғана бүгинге емес, ал келешекке өз тәсирин өткереди. Кәсиплик аўқамларының бир әсирден аслам тарийхын үйрениў басқышлары қандай болыўы керек? Мениң шамалаўымша, сиз ҳәзирге шекем еки дәўир ҳаққында сөз еттиңиз: бири – Өзбекстанда кәсиплик ҳәрекетиниң пайда болыўы, екиншиси – жадидлердиң кәсиплик аўқамлары менен тиккелей байланыслы ҳәрекетлери.

Бурынғы советлер дәўиринде кәсиплик аўқамлары нелерди бастан кеширген? Оның раўажланыўы қалай өткен? Бул сораўлар да адамды ойландырыўы тәбийғый, әлбетте.

– Тарийх қалыс ҳәм әдил жазылыўы керек. Сиз айтып атырған дәўир, бирақ, езиўшилик заманы болған ҳәм ол дәўирде, тек ғана тарийх жазыў емес, ал пүткил система ҳүкимдар идеологияға бойсындырылған еди. Бирақ қандай болыўына қарамастан, ол бизиң тарийхымыз.

Ең әҳмийетлиси, бул дәўир кәсиплик аўқамларының турмысында өзине тән раўажланыў дәўири болғанынан көз жумбаўымыз керек. Бул тарийхты үйрениў бираз аңсат ҳәм тегис өтетуғынын айтпай-ақ қояйын. Себеби архивлерде мағлыўматлар жетерли. Бизиң ендиги ўазыйпамыз оларды қалыс үйрениў болып табылады.

Мен ҳәзирги ўақытта Екинши жер жүзилик урыс жылларында кәсиплик аўқамларының ҳәрекетлери ҳаққында бираз тоқтап өтиў керек, деп ойлайман. Әйне сол процесслерде кәсиплик аўқамлары адамларды мобилизациялаў, бирлестириўде қандай потенциалға ие екенин көрсете алған.

Урыс басланыўы менен шөлкем тийкарғы итибарды өндиристи әскерий санаатқа бейимлестириўге ҳәм қорғаныў өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыўға қаратыўға мәжбүр болған. Атап айтқанда, 1941-жыл 25-26-июнь күнлери жипек санааты, аяқ кийим санааты, тигиўшилер, металл буйымлары ҳәм мәмлекетлик мәкемелер сыяқлы тармақ кәсиплик аўқамлары Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында жыйналып, 10 саатлы жумыс күнине өтиў, завод ҳәм фабрикаларды әскерий өним ислеп шығарыўға өткериў бойынша тез илажлар көриў ҳаққында қарар қабыл еткен. Дерлик барлық кәрхана ҳәм шөлкемлерде жәмәәт шәртнамалары қайта көрип шығылған, мүддетинен алдын тапсырмаларды орынлаў миннетлемесин алған.

Кәсиплик аўқамлары кәрхана ҳәм шөлкемлерде фронт ушын улыўма халықлық жәрдем ҳәрекетине басшылық еткен. Кәсиплик аўқамлары алдындағы және бир әҳмийетли ўазыйпа – эвакуация етилген кәрханаларды аймақларға жайластырыў ҳәм тез иске түсириў болған. Мине усындай 46 завод ҳәм фабрикада кәсиплик аўқамы шөлкемлери қайта шөлкемлестирилген.

Жана санаат объектлериниң қурылысында болғанындай, тәжирийбели жумысшыларды таярлаў, кәсипке оқытыў жумысларында да кәсиплик аўқамлары белсендилик көрсеткен. Улыўма алғанда, кәсиплик аўқамлары жәрдеминде 1941-1945-жыллары 135 мыңнан артық маман жумысшы таярланған.

Кәсиплик аўқамларының Екинши жер жүзилик урысындағы ең үлкен хызметлеринен және бири урыс аймақларынан эвакуация етилген халықты жайластырыўдан ибарат болған. Фронттағылардың шаңарақлары ушын дем алыў орынлары, бақшалар, квартиралар ажыратыў ўазыйпасы да кәсиплик аўқамлары мойнына түскен. Биздеги мағлыўматларға бола, 137 400 ул-қыз балалар мәкемелерине жайластырылған. 1943-жылы 50 мыңы дем алыў орынларында дем алдырылған.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде әскерий мобилизацияны әмелге асырыў ҳәм аўыр шараятта мәмлекет экономикасын көтериў, фронт артын беккемлеў, жаўынгер-әскерлер ҳәм халықты руўхландырыўда белсене қатнасып, жеңисти тәмийинлеўге үлкен үлес қосты.

Айтпақшы болғаным, ҳәр бир халықтың өз тарийхы, өтмиши бар. Оның жақсысын бояп көрсетиў, жаманын жасырып, айырым жерлерине көз жумып өтиў кеширип болмайтуғын жағдай. Сонлықтан, кәсиплик аўқамларының колониаллық жылларындағы тарийхы және де терең үйренилиўи, онда қалыслық ҳәм әдиллик ең әҳмиетли принцип болыўының тәрепдарыман.

– Жақын өтмиш – Ғәрезсизлик жылларындағы тарийхымыз ҳаққында пикирлериңиз?

– Бул дәўир, әсиресе, тарийхқа, ҳақыйқый ғәрезсизликке болған көзқарас ҳәм умтылыў ҳаққында жоқарыда қысқаша сөз еттим. Дурыс, сынға алыўдан аңсаты жоқ. Ҳәр заманның өз зайлы болады. Қала берди, сол арбаның үстинде өзлеримиз де болғанбыз. Бирақ мәселеге өзимиз, кәсиплик аўқамлары көзқарасынан қатнас жасайтуғын болсақ, басқа тараў ҳәм тармақлар қатарында бизиң шөлкемимизде де үлкен мәнистеги өзгерис болмады: жабылған қазан жабық қалғанындай, “кәсиплик аўқам” дәстүрий роли – жумысшы-хызметкерлерге санаторияларға жолламалар тарқататуғын шөлкем статусында қала берди.

– Ең жаңа тарийхымыз – Жаңа Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамларының жумысы ҳаққында сөз етиў пурсаты келди, деп ойлайман.

– Бул сораўыңызға Президентимиздиң Өзбекстан кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәм ағзаларына жоллаған қутлықлаўындағы мына цитата менен жуўап бере алсам бола ма?

Онда былай делинген еди: “Дерлик 120 жыллық тарийхқа ийе Өзбекстан кәсиплик аўқамлары жумысы даўамында раўажланыў ҳәм қулдыраў дәўирлери де жүз берген, бирақ бул шөлкем ҳеш қашан өз әҳмийетин жоғалтпаған. Әсиресе, соңғы жылларда кәсиплик аўқамларының турмысында жаңа раўажланыў басқышы басланды, десек, қәте болмайды.”

Аўа, Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық тарийхында кейинги 9 жыл әсирлерге татыйтуғын дәўир болды. Буны ҳәмме көрип-билип турыпты.

Есиңизде болса, биз сәўбетимиздиң алдында “Тарийх хроникасы ҳаққында емес, оннан шығатуғын сабақ ҳаққында сөйлесемиз”, деп келисип алған едик. Бирақ кәсиплик аўқамларының жаңа тарийхындағы әҳмийетли ўақыяларды атап өтиўди қәлер едим. Олар ҳүрметли Президентимиздиң ақылға уғрас сиясатының тараўымыздағы көриниси болып есапланады.

Қайталап айтаман, кәсиплик аўқамлары кейинги тоғыз жылда әсирлик жаңаланыўлардың гүўасы болды. 11-ноябрьдиң “Кәсиплик аўқамлары күни” деп жәрияланыўы даңқлы тарийхымызға алтын ҳәриплер менен жазылды. 2021-жылы “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарийхы” музейи шөлкемлестирилди.

Федерация жанындағы Қәнигеликти арттырыў институты бүгин тараў хызметкерлери ушын қәнигелескен мәкемеге айландырылды.

Өткен дәўирде мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары менен Федерация қарамағында Орайлық Азияда бирден-бир болған Мийнет ҳәм социаллық қатнасықлар академиясы шөлкемлестирилди. Бул оқыў орны бүгинги күнге келип, тараў ушын жетик қәнигелер таярлаўда әҳмиетли платформа ўазыйпасын атқармақта.

Елимиз ғәрезсизликке ерискен 1991-жылдан 2017-жылға шекем өткен 26 жыл даўамында системада 1 жаңа санаторий қурылған болса, соңғы тоғыз жылда 14 жаңа санаторий қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Және 10 ға шамаласы реконструкцияланды.

Президентимиздиң тийисли қарарына муўапық, 2022-жылы Федерация системасында Балалардың дем алыўы ҳәм саламатлығын тиклеўди шөлкемлестириў департаменти жумыс баслады. Жумысын тоқтатқан ямаса нәтийжесиз ислеп атырған 82 балалар саламатландырыў дем алыў орайы Федерация балансына өткерилди ҳәм қарамағындағы бундай орынлардың саны 110 нан артты. Өткен дәўир даўамында 9 жаңа балалар дем алыў орайы қурылды, 76 сы капитал оңланды.

2024-жылы “Яккасарай” спорт-саламатлық комплексинде халықаралық талапларға жуўап беретуғын Суў спорты сарайы пайдаланыўға тапсырылды. Өткен жылы ол жерде мәмлекетимизде биринши мәрте синхрон жүзиў ҳәм жүзиў бойынша биринши Орайлық Азия ашық чемпионатының өткерилиўи, әлбетте, спортымыз тараўында тарийхый ўақыя болды.

XX әсирдиң басларында қәлиплескен шөлкемимиз демократиялық орталықта дүньяға келгенин, бул ҳәрекетте көплеген жадидлеримиз тиккелей қатнасқанын көпшилик жүдә жақсы биледи. Арадан ўақытлар өзгерип, кәсиплик аўқамлары өз турмысында турғынлық жылларын да басынан кеширди. Бирақ бүгин – Жаңа Өзбекстан дәўирине келип, ол өзи биринши еркин қәдем таслаған орталыққа қайтты.

Мен буны бийкарға еслемедим. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарийхында биринши мәрте, быйыл өткерилген сайлаўларда барлық дәрежедеги кәсиплик аўқамлары уйымларының басшылары ҳәм олардың орынбасарлары альтернативлик тийкарда, жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды. Әне усы баслама шөлкемимиздиң халықаралық дәрежедеги абырайын арттырды, десем, қәтелеспеген боламан.

Өткен қысқа дәўир ишинде Өзбекстан кәсиплик аўқамларының халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайы да артты. Соның ишинде, мәмлекетимиз басшысының ашық-айдынлық, дослық ҳәм исенимли бирге ислесиў сиясатларының нәтийжесинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының басламасы менен 2021-жылы Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары кеңеси, 2023-жылы Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркия миллий кәсиплик аўқамлары орайларының қатнасыўында Түркий мәмлекетлер кәсиплик аўқамы шөлкеми шөлкемлестирилди.

2024-жыл декабрь айында кәсиплик аўқамы белсендилериниң және бир узақ жыллық әрманы әмелге асты. Федерациямыз 169 мәмлекеттиң 333 кәсиплик аўқамын бирлестирген, 250 миллионнан аслам ағзаға ие Халықаралық кәсиплик аўқамлары Конфедерациясының ҳақыйқый ағзалығына қабыл етилди.

Булардың барлығы мәмлекетимиз кәсиплик аўқамлары тарийхындағы әҳмийетли ҳәм умытылмас ўақыя есапланады.

Ҳәзир мен Жаңа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тарийхындағы ең әҳмийетли ўақыя – Президент Шавкат Мирзиёевтиң кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм ветеранлары менен ушырасыўы болғанын айтып өтпесем болмайды. Өйткени, мен усы ушырасыўда узақ жыллар даўамында кеўлимнен аӊлағанларымныӊ турмыслық екенлигине және бир мәрте исеним пайда еттим.

Мәмлекет басшысы, тарийх ҳаққында сөз етип, соның ишинде, былай деди:

“Өмир бир ҳақыйқатты бәрқулла атап өтеди: тарийхты пуқта билместен турып, келешекти қурып болмайды. Соның ушын, ҳәр бир шөлкем ҳәм мәкеме тарийхын үйрениў, оларда мийнет еткен инсанларды еслеў, ийгиликли ислерин келешек әўладларға жеткериў бәршемиздиң миннетимиз.”

Мениң аӊлағанларым не еди?

Мен көп жыллар жолдас болған, көп мәрте сәўбетлескен инсан сыпатында Шавкат Мирзиёевтиң ишиндеги уллы бир сезимди аңлағандай боламан. Бул Миллет ҳәм Ўатанның түрли дәўирлерде аяқ асты етилген, гейде қорланған қәдир-қымбатын тиклеў, оның бир ўақытлардағы уллы даңқын улығлаў сезими болып табылады.

Мине енди сиз сәўбетимиздиң басында сораған ҳәм мен сәл алдынырақ бираз жуўап берген сораўыңыз бойынша пикирлеримиз бенен ортақласыўымыз мүмкин. Буннан алдын сораўыңыздың жәмиетлик-сиясий тәреплерине тоқтап өткен болсам, енди оның идеологиялық-руўхый тәреплерине итибар қаратамыз.

Бәринен бурын, соны исеним менен айтыўым керек, Өзбекстан кәсиплик аўқамларының тарийхын терең ҳәм кең үйрениў зәрүрлиги елимиздеги бүгинги руўхый өзгерислер себепли жүзеге келди.

Ашық айтыўдан тартынбаў керек, буннан 7-8 жыл бурын кәсиплик аўқамлары, дегенде адамлар қандай шөлкемди түсинетуғын еди?! Бул сораўға ҳәммеде анық жуўап бар, деп ойлайман. Ал бүгин ол халықтың арасына кирди. Миллий сиясатымызды әмелге асырыўда Президентимиздиң жәрдемшисине айланды. Кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған халықшыл жойбарлар – “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери”, “Темир дәптер” ҳәм басқа да социаллық бағдарламалардың әмелге асырылыўында кәсиплик аўқамларының белсендилери, ағзаларының мүнәсип үлеси бар екенлигин бүгин тән алсақ, әдил болады.

Усы мәнисте, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы шын мәнисинде халықлық шөлкемге айланды, жәмийетте де, мәмлекет алдында да абырайы артты. Булардың барлығы, бәринен бурын, Президентимиздиң сиясатлары себепли. Тарийхымызды үйрениўге болған қызығыўшылығымыз да, әлбетте, Шавкат Миромонович тәбиятындағы сийрек ушырасатуғын өзгешеликтен “көширилген”, десем, исенесиз.

Итибар берсеңиз, Президент тарийх ҳаққында оғада көп сөз етеди, өтмишке бәрқулла ҳүрмет көрсетеди, ата-бабалардың мийрасына терең ҳүрмет пенен қарайды. Буны Ташкентте бой тиклеген уллы жойбарлар – Жаңа Өзбекстан парки, Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта қурылған Имам Бухарий комплекслери мысалында да айқын көриў мүмкин. Сиз мәмлекет басшысының усы имаратларға ирге тасы қойылғанынан берли олардың қурылысы, жумыс процеси менен танысыў ушын неше мәрте барғанын, ҳәр барғанында қанша өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизгенин санап бере аласыз ба?!

Ҳәр бир сапар етиў ҳүрмет есапланады. Бул ҳүрмет тийкарында болса Миллет ҳәм Ўатанға болған шексиз садықлық, жарқын муҳаббат турады. Себеби, Ўатанын сүйген, Миллетине меҳир берген инсан ғана өз тарийхын улығлайды, ата-бабалары менен мақтанады, оларға мүнәсип перзент болыўға умтылады, үлкен дөретиўшиликлерге уқыплы болады.

Шүкир, Алла бизге усындай Жолбасшыны берген. Оның халқына болған шексиз меҳири сыяқлы таўсылмас күш-ғайраты бүгин 8 миллионлық кәсиплик аўқамлары ағзаларын да үлкен шеклерге руўхландырмақта, оларды Жаңа Өзбекстан тарийхының алтын бетлерин жазыўға умтылдырмақта.

– Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

Сәўбетлесиўши:

Хусан ЭРМАТОВ,

Өзбекстан Республикасына

хызмет көрсеткен журналист