“Қандағы қант муғдарын анықла» акциясы шөлкемлестирилди

Ҳәр жылы дүньяда “14-ноябрь – Халықаралық қантлы диабетке қарсы гүресиў күни” сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте. Кеселликтиң алдын алыў ҳәм емлеў бойынша өткерилип атырған илажларға «Адолат» социал демократиялық партиясы тәрепинен де түрли акциялар, үгит-нәсият илажларын өткериў үрдиске айланған.
Усы мақсетте бүгин Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Н.Қайыпбергенов басшылығындағы партия Кеңеси белсендилери Қарақалпақстан Республикасы “Педагогикалық шеберлик орайы”нда болып, партияның тийкарғы электораты есапланған оқытыўшы-устазларға ғамхорлық көрсетиў мақсетинде “Қандағы қант муғдарын анықла” бийпул медициналық акциясы шөлкемлестирилди. Шөлкемлестирилген илажға академик Й.Торақулов атындағы Республикалық қәнигелестирилген Эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы қәнигелери белсене қатнасты. Шыпакерлер тәрепинен илаж қатнасыўшыларынан қан анализлер алынып, тексерилип, оларға кеселликтиң алдын алыў ҳәм емлеў бойынша түсниклер берилип, жол-жобалар көрсетилди.



И.Утеўлиев, Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы журналистика факультетиниң 4-курс студенти, Қарақалпақстан хабар агентлиги