Ертең Италия менен ойнаймыз

42

Қатарда өткерилип атырған жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында 1/16 финал ойынлары өз жуўмағына жетип, онда келеси басқышқа шыққан барлық командалардың атлары белгили болды.

Олар арасында Өзбекстан сайланды командасы хорватиялы футболшыларды пенальтилер сериясында 4:3 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Енди командамыз ағзалары 1/16 финал басқышында Чехияны 2:0 есабында жеңип шыққан, Италия сайланды командасы менен өз-ара беллеседи.

Бул ушырасыў 18-ноябрь күни мәмлекетимиз ўақты менен саат 17:30 да басланады.

Сондай-ақ, усы күни 1/8 финал басқышында Мексика — Португалия, Швейцария — Ирландия, Марокко — Мали, Бразилия — Франция, Австрия — Англия, КХДР — Япония, Уганда — Буркина-Фасо сайланды командалары шерек финал жолламасы ушын майданға түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы