Трамп: Жасыратуғын сырымыз жоқ!

76

АҚШ Президенти Дональд Трамп биринши мәрте Эпштейн файллары толық жәрияланыўын қоллап-қуўатлады. Бул бурынғы, мағлыўматлардың жәрияланыўы шекленген қатнасқа салыстырғанда кескин бурылыс болып есапланады.

Ўәкиллер палатасы усы ҳәптеде “Epstein Files Transparency Act” бойынша даўыс береди. Нызам қабыл етилсе, Әдиллик министрлиги Жеффри Эпштейн менен байланыслы барлық сыр болмаған ҳүжжетлер – хат жазысыў, банк алмасыўы, тергеў материалы, рәсмий хат ҳәм 20 жыл даўамында жыйналған федерал мағлыўматларды кең жәмийетшиликке усыныўы шәрт.

Усы файллар Эпштейнниң сиясатшы, бизнесмен ҳәм белгили шахслар менен мүнәсибети, сондай-ақ, федерал тергеў қалай жүргизилгени ҳаққында жуўмақ шығарыўы мүмкин. Соның ушын да процесс жәмийетшилик ҳәм сиясий майдан ушын оғада әҳмийетли.

Соңғы ҳәптелерде демократлар Эпштейн ҳәм Гислайн Максвеллдиң Трамп ҳаққында жазысқан хатларынан ибарат бир неше электрон жазыспа текстин жәриялады. Буған жуўап ретинде республикашылар 20 000 бетлик ҳүжжет топламын тарқатып, тийкарғы бәсекилеслерин “таңлап алынған материаллар менен сиясий нарратив жаратып атыр”, деп айыплады.

Трамптың көзқарасының кескин өзгериўи – партия ишинде жүзеге келген басым себепли жүз берди: 100 ге шамалас республикашы файлларды жәриялаў тәрепдары екенин билдирмекте. Соның менен бирге, Эпштейн қурбанлары ҳәм олардың шаңарақлары да Конгресске мүрәжат етип, толық ашық-айдынлықты талап етпекте. Бул жағдай даўыс бериў ўақтында күшли әдеп-икрамлылық басымын жүзеге келтирип атыр.

Мусулмон Зиё, ӨзА