Аўқамласлық қатнасықларды және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды

19

Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын елимизге келген Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасты.

Жетекшилер Өзбекстан – Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

Өз-ара саўданы көбейтиў бойынша муўапықластырылған илажлар көриў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар ҳәм нәтийжели аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысылды.

ӨзА