Түркменстан Президенти “Олий Даражали Дўстлик” ордени менен сыйлықланды

Көксарай резиденциясында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Олий Даражали Дўстлик” орденин тапсырыў мәресими болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысы абырайлы сыйлықты тапсырып, бул қарар Түркменстан Президентиниң еки туўысқан мәмлекет арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўдеги жетискенликлерине Өзбекстан халқының қызғын ҳүрмети ҳәм тән алыўының көриниси екенин атап өтти.


– Сиз әкеңиз, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың жумысын мүнәсип даўам еттирип атырсыз. Мәмлекетиңизде халықтың абаданлығын тәмийинлеў ушын исенимли тийкар жаратып атырған кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.


Усы жылы Түркменстанда “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” және мәмлекет Бийтәреплигиниң 30 жыллығына бағышланған ири илажлар өткерилмекте.


Сердар Бердимуҳамедовтың көп қырлы Өзбекстан – Түркменстан қатнасықларын кеңейтиўге қосқан үлеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул, биринши гезекте, саўда-экономикалық ҳәм бирге ислесиў байланысларының ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанлығынан дерек береди. Үлкен жойбар – “Шават-Ташаўыз” шегара алды саўда зонасы иске қосылды. Энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў раўажланбақта.


Бул сыйлық беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық тымсалына айланатуғыны атап өтилди. Өз гезегинде, Түркменстан Президенти Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқына жоқары тән алғаны ушын миннетдаршылық билдирди және еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылысы исенимли екенин атап өтти.
ӨзА