Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери стратегиялық шерикликти кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти

17-ноябрь күни Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтти.
Бул мәмлекетлик сапар Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болатуғыны атап өтилди.

Барлық тараўларда ерисилип атырған унамлы пәт ҳәм жедел байланыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң мәжилислери, сондай-ақ, мәдений илажлар турақлы түрде өткерилип келинбекте. Сапар алдынан Үргенш ҳәм Ташкентте өткерилген Түркменстан мәденияты күнлери ҳәм фильмлериниң көрсетилиўи қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Өткен жылы товар алмасыў 1 миллиард доллардан артты. Жүк тасыў көлеми артып бармақта, соның ишинде, Түркменбашы портынан пайдаланыў жеделлескен.

Сөйлесиўлерде өз-ара саўданы көбейтиў ҳәм санаат, энергетика, транспорт, машина қурылысы, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында нәтийжели кооперацияны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Аймақлараралық алмасыўларды және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Хийўа қаласында үшинши Аймақлар форумын өткериўге келисип алынды.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА