Түркменстан Президенти “Жаңа Өзбекстан” бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов мәмлекетлик сапар менен елимизде болып тур.
Жоқары мәртебели мийман 17-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов пенен биргеликте “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.

Комплекс пенен қысқаша танысыў даўамында Түркменстан жетекшисине бул естеликтиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.

“Жаңа Өзбекстан” бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументин мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған. Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншелли терең. Монументке итибар қаратқан адам мине усы аўыр өтмиштиң көркем сүўретлениўине гүўа болады.


Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.

Комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына айрықша итибар қаратылды. Ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыз ҳүрметине қурылған Ғәрезсизлик монументи Түркменстан Президенти ҳәм делегация ағзаларында үлкен тәсир қалдырды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА