Регион мәденият министрлери Ташкентте жыйналды

81

Пайтахтымызда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан мәденият министрлери бир майданға бирлести. “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында болып өткен бул ушырасыў регион бойлап мәдений байланысларды беккемлеў жолында тасланған тарийхый қәдем болып есапланады.

TURKSOY Бас хаткери ҳәм Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Әзербайжан мәденият министрлериниң қатнасыўындағы илаж даўамында регионаллық мәдений бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы талланып, дөретиўшилер арасында алмасыўды кеңейтиў ҳәм Орайлық Азия ушын улыўма мәдений бренд жаратыў мәселелери додаланды.

Делегациялар Ислам цивилизациясы орайында өтип атырған “Орайлық Азияда руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық” халықаралық конгресинде де қатнасты.

Улыўма, бул ретки мәжилис Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений жақынласыўы ҳәм аўызбиршилигин беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғыны атап өтилмекте.

Мусулмон Зиё, Нишонбой Абдувоитов (видео), ӨзА