Өзбекстан ҳәм Қазақстан стратегиялық шериклер ҳәм раўажланыў жолынан биргеликте барып атырған исенимли аўқамласлар болып табылады

21

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетлик сапар менен елимизде болып тур.

Көксарай резиденциясында 15-ноябрь күни еки мәмлекет жетекшилери арасында тар шеңбердеги сөйлесиўлер болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан стратегиялық шериклер ҳәм раўажланыў жолынан биргеликте баратырған исенимли аўқамласлар болып есапланады. Бул еки мәмлекет басшыларының регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, узақ мүддетли шерикликти раўажландырыў бағдарындағы көзқараслары өз-ара сәйкес келетуғынын көрсетеди.

Транспорт-коммуникация коридорларын қәлиплестириў, энергетикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, экология мәселелеринде тутас позицияның қәлиплесиўи қатнасықлардың жаңа басқышқа көтерилгениниң әмелий дәлийли болып есапланады. Бул бағдарларда қолға киргизилип атырған нәтийжелер тек ғана еки тәреплеме пайданы емес, ал пүткил регион ушын стратегиялық әҳмийетти аңлатады.

Экономикалық өз-ара байланыслылық та избе-из өспекте. Еки тәреплеме саўда көлемин арттырыў бойынша қойылған мақсетлер әмелий қәдемлер менен беккемленбекте.

Бул мәмлекетлик сапар етиў Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары тарийхында жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.

Сапарға таярлық шеңберинде Ташкентте Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумы, Қазақстан медицинасы күнлери, қазақ фильмлериниң презентациясы, Астана күнлери ҳәм бир қатар мәдений илажлардың табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жылдың өткен дәўири даўамында товар алмасыў сезилерли дәрежеде өсти. Жүк тасыў көлеми артпақта, қалалар арасында ҳәптесине 40 тан аслам авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.

Кейинги жылларда 6,5 мың қоспа кәрхана шөлкемлестирилди ҳәм тийкарғы тармақларда ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Санаат кооперациясын раўажландырыў ушын баҳасы 8 миллиард доллардан аслам жойбарлар портфели таярланды. Бул жойбарларды әмелге асырыў ушын биргеликтеги инвестициялық платформаны иске қосыў усыныс етилди.

Сөйлесиўлер даўамында энергетика, транспорт, химия санааты, аўыл ҳәм суў хожалығы, қоршаған орталықты қорғаў, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Аймақлараралық байланысларды және де кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Еки мәмлекет аймақлары басшыларының биринши Кеңесин 2026-жылы Қазақстанда өткериў ҳаққында келисимге ерисилди.

Мәмлекет басшылары регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша да пикир алысты.

Буннан соң Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы 2024-жылы шөлкемлестирилген Жоқары мәмлекетлераралық кеңес форматы өзиниң әҳмийетлилиги ҳәм нәтийжелилигин көрсеткенин атап өтти.

– Қатнасықларымыз бүгинги күнде ең жоқары – стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тәреплер бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын, еки тәреплеме потенциалдан пайдаланыў жолларын толық додалады ҳәм Өзбекстан – Қазақстан шериклигин кеңейтиўге сезилерли түртки беретуғын бир қатар қарарлар қабыл етти.

Өз-ара саўданың турақлы өсиўин тәмийинлеў, оның қурамын диверсификациялаў ҳәм бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Жылдыӊ басынан берли товар алмасыў 4 миллиард долларға жеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул көрсеткишти 2030-жылға шекем 10 миллиардқа жеткериў мақсет етилген.

Бул ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған, саўда ҳәм инвестициялық келисимлердиң салмақлы топламы қәлиплестирилген, “ӨзКазТрейд” компаниясы шөлкемлестирилген, исбилермен топарлар арасында тиккелей бирге ислесиў механизмлери жолға қойылған.

Мәмлекетимиз жетекшиси санаат кооперациясы тараўында ерисилген үлкен табысларды атап өтти.

Сапар етиў шеңберинде “Орайлық Азия” халықаралық санаат кооперациясы орайы және 1,3 миллиард доллар муғдарында бир қатар әҳмийетли жойбарлар иске қосылады. Буннан тысқары, улыўма баҳасы 8 миллиард доллардан аслам болған, соның ишинде, химия, геология, инфраструктура, логистика, агросанаат ҳәм көплеген басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған кең көлемли Санаат кооперациясы бағдарламасы таярланды.

Транспорт ҳәм логистика тараўында системалы шериклик тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди. Жаңа транспорт коридорларын, соның ишинде, “Үшқудық – Қызылорда” жөнелисин жаратыў, Ақтаў, Қурық ҳәм Хоргос портларында жүк тасыўды хошаметлеў бойынша биргеликте ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Энергия ресурсларын тасыў ҳәм қайта ислеў, энергияны үнемлеў, “жасыл” технологиялар және мәлимлеме технологияларын енгизиў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге таярлық билдирилди.

Суў-экология тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша тәсиршең илажлар көриледи. Тәреплер сапар шеңберинде Трансшегаралық суў объектлерин биргеликте басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўын қоллап-қуўатлады.

Жетекшилер гуманитарлық байланыслар айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти. Усы жылы Алмата ҳәм Астана қалаларында биргеликтеги мәдений илажлар – “Ләзги” балети, художниклер көргизбеси, әдебиятшылар форумы ҳәм жаслар фестивалы, сондай-ақ, Өзбекстанда Қазақстан медицинасы күнлери ҳәм Ташкент қаласында Астана күнлери табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Илим ҳәм билимлендириў мәкемелери, жаслар шөлкемлери арасындағы алмасыўларды даўам еттириў, жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликтеги бағдарламаларды кеңейтиўге келисип алынды.

Биргеликтеги туристлик бағдарларды ислеп шығыў, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның тарийхый орынлары, бай мәдений ҳәм руўхый мийрасын ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша Бас министрлердиң орынбасарлары, энергетика, транспорт ҳәм мәденият министрлериниң есабатлары тыңланды.

Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси жуўмағында бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.

Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисинен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ири кооперациялық жойбарларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Атап айтқанда, “Орайлық Азия” Халықаралық санаат кооперациясы орайы ҳәм “Tenge Bank”тиң Ташкенттеги жаңа бас офиси иске қосылды.

Сондай-ақ, “Silkway Central Asia” көп тармақлы логистика орайы, сызықлы алкилбензол ислеп шығарыў қуўатлықлары, Жаңа Ташкентте “Астана” массиви және пайтахтларда “Ташкент” ҳәм “Астана” мийманхана комплекслериниң қурылысы басланды.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери бул жойбарлар еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Соң Көксарай резиденциясында Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы – “Олий Даражали Дўстлик” орденин тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықты тапсырып, Қазақстан Республикасы Президентиниң еки туўысқан халық арасында дослық, жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў жолындағы үлкен жеке хызметлерин айрықша атап өтти.

Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли еки халық арасындағы қатнасықлар пүткиллей жаңа раўажланыў дәрежесине шығып, үлгили әҳмийетке ийе болғаны атап өтилди. Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар, бизнес, жәмийетшилик ҳәм жаслар белсене бирге ислесип келмекте. Мәдений ҳәм гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.

Қасым-Жомарт Тоқаевтың глобаллық көлемде тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, регионымызда исеним, өз-ара аўызбиршилик ҳәм шериклик орталығын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлери айрықша атап өтилди.

Қазақстан Президенти мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқына бундай жоқары сыйлық ушын миннетдаршылық билдирди және туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм аўқамласлық руўхындағы қатнасықлар және де беккемленетуғынына исеним билдирди.

Нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң геология, сийрек ушырасатуғын жер металларын қазып алыў, трансшегаралық дәрьялар ағымын прогнозлаў бойынша еки тәреплеме жумысшы топарларды ҳәм Өзбекстан ҳәм Қазақстан аймақлары басшыларының кеңесин дүзиў ҳаққындағы қарарларын қабыл етти.

Сапар даўамында және бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды, соның ишинде:

– Трансшегаралық суў объектлерин биргеликте басқарыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққындағы келисим;

– Бажыхана хызмети ўәкилханаларын ашыў ҳаққында келисим;

– Шегара алды аймақларда жер үсти радио хызметлери тәрепинен пуқаралық мақсетлерде пайдаланылатуғын радиочастоталарды өзлестириўди муўапықластырыў ҳаққындағы келисим;

– Биргеликтеги әскерий оқыўларды өткериў ҳаққындағы келисим;

– Биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыў ҳаққындағы рамкалы келисим;

– 2026-2027-жылларға мөлшерленген туризм тараўында бирге ислесиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси;

– Әдиллик министрликлери арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Таў-кән санаатында бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққындағы меморандум;

– Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги ҳәм “Ассамблея жасары” жәмиетлик бирлеспеси арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

– Денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў саласында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Медициналық қамсызландырыў қорлары арасында өз-ара түсинисиў меморандумы;

– Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Астана қаласы ҳәкимлиги арасында бирге ислесиў келисими;

– “Өзбекнефтьгаз” ҳәм “Қазмунайгаз” акционерлик жәмийетлери арасында бирге ислесиў келисими.

Көксарай резиденциясында болып өткен нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары тарийхый ўақыя болғаны және Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының раўажланыўында әҳмийетли басқышты баслап бергенин және бир мәрте үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сапар шеңберинде Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси болып өтти, онда еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери додаланды.

Экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша әҳмийет қаратылды. Қазақстан Өзбекстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири екени атап өтилди.

Усы жылдың басынан товар алмасыў 15 процентке өскени айтылды. “Орайлық Азия” халықаралық санаат кооперациясы орайының ашылыўы сапардың әҳмийетли ўақыясы болды.

Бул алдыңғы жойбар мәмлекетлеримиз арасындағы кооперация байланысларын тереңлестириў ҳәм заманагөй қосымша қун шынжырларын қәлиплестириўге қаратылған.

Энергетика тараўындағы бирге ислесиў, атап айтқанда, дәстүрий ҳәм альтернатив энергетика бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыў стратегиялық бағдар сыпатында белгиленди.

Тәреплер қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында, бәринен бурын, Орайлық Азия регионында бирге ислесиўди раўажландырады.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў мәселелери үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Илим ҳәм билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик ҳәм жаслар шөлкемлери арасындағы алмасыўларды жеделлестириў, туризм тараўындағы биргеликтеги бағдарламаларды кеңейтиўге келисип алынды.

Тәреплер регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге умтылатуғынын және бир мәрте атап өтти. Усы мәниде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

16-ноябрь күни Ташкентте болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы регионаллық интеграция ҳәм пүткил Орайлық Азияда тилеклесликти беккемлеў процесслерине жаңа пәт бағышлайтуғыны айрықша атап өтилди.

Көп тәреплеме, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, ҒМДА, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, “Орайлық Азия плюс” форматларында өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевичтиң сапары еллеримиз арасындағы аўқамласлық қатнасықлары жоқары дәрежеде екенин және бир мәрте айқын тастыйықлады, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамалар еки тәреплеме шерикликти анық мазмун менен байытатуғынына, биргеликтеги жойбарлар ушын жаңа шеклерди ашатуғынына, дос мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар жарататуғынына исеним билдирди.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары