Әзербайжан менен әмелий бирге ислесиўди кеӊейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-ноябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын елимизге келген Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдынан Илҳам Алиев Өзбекстан жетекшисине Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы, өз гезегинде, туўысқан Әзербайжан Президенти ҳәм халқын усы жыл 8-ноябрь күни белгиленген Жеңистиң бес жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Президентиниң усы жыл июль айында Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Барлық дәрежелерде нәтийжели алмасыўлар даўам етпекте. Усы жылдың басынан товар алмасыўдың көлеми 15 процентке артты. Автомобиль қурылысы, энергетика, туризм ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясы бойынша биргеликтеги жойбарлар жедел басқышқа кирген.
Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлардың режесин де көрип шықты.
ӨзА