Улыўма руўхый–ағартыўшылық мийрас – улыўмалық келешек

Ислам цивилизациясы орайында басланған “Орайлық Азия: улыўмалық руўхый– ағартыўшылық мийрас – улыўмалық келешек” темасындағы халықаралық конгресс өз жумысын Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәденият министрлериниң биринши ушырасыўы менен даўам еттирди.
Бул сөйлесиў 15-16-ноябрь күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы алдында өткерилиўи оның әҳмийетин және де күшейтеди.
Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәденият министрлериниң биринши ушырасыўы қызғын, дөретиўшилик идея ҳәм басламаларға бай түрде, дослық руўхында өтти.


Оған Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков, Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министри Аида Балаева, Қырғыз Республикасы мәденият, мәлимлеме ҳәм жаслар сиясаты министри Мирбек Мамбеталиев, Тәжикстан Республикасы мәденият министри Матлуба Сатториён, Түркменстан мәденият министри Атагелди Шамирадов ҳәм ҳүрметли мийман сыпатында Әзербайжан Республикасы Мәденият министри Адил Керимли қатнасты.
Мәжилис көлеми ҳәм дәрежеси жағынан биринши мәрте бундай өзине тән ири форматта өткерилди.
Мәжилисте мәденият ҳәм көркем өнердиң түрли бағдарларындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.


– Бүгинги глобалласыў дәўири жетискенликлер менен бирге машқалаларды да жүзеге келтирип атырғаны сыр емес, – деди Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков. – Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан Республикасы мәденият министрлериниң бундай ушырасыўы жаңаша форматта өткерилип атырғаны Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы болып есапланады. Биз тек биргеликте ғана бүгинги әҳмийетли машқалаларға шешим таба аламыз. Орайлық Азия бир тамырдан өсип шыққан туўысқан халықлар сыпатында раўажланыў ҳәм тынышлыққа қарай умтылып атырғанына пүткил дүнья гүўа болмақта. Биз туўысқан мәмлекетлердиң мақсет-умтылысларының уқсаслығы, арзыў-нийетлериниң бирлиги алдымызға қойылған мақсетлерге ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе. Усы мәниде бүгинги илаж әҳмийетли руўхый платформа ўазыйпасын атқармақта.
– Бундай ушырасыўлар жақсы унамлы нәтийжелерге алып келеди, – деди Қазақстан Республикасы мәденият ҳәм мәлимлеме министри Аида Балаева. – Бул сөйлесиўлер бир мәрте емес, ал дәстүрге айланып, бирге ислесиўдиң жаңа бетлерин ашыў имканиятын бермекте. Биргеликте көплеген мәдений илажлар, фестивальлар, дөретиўшилик бағдарламалар өткерилмекте. Бул бағдардағы жумысларды буннан былай да күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе.
– Бул сөйлесиў бирге ислесиўдиң жаңа бетин ашады, – деди Тәжикстан Республикасы мәденият министри Матлубахон Сатториён. – Орайлық Азия халықлары әзелден бирге жасап келген. Бул дияр ҳақыйқаттан да жетик данышпанлар ели. Бул әййемги мийрас мәдений уқсаслық, бирге ислесиўге, раўажланыўға шақырады. Әйне мәденият тараўы мәмлекетлеримиз арасындағы исеним ҳәм өзине тән беккем руўхый көпир.


– Әзербайжан Орайлық Азия мәмлекетлери менен ЮНЕСКО, ICESCO, ТҮРКСАЙ сыяқлы жетекши халықаралық шөлкемлер шеңберинде бирге ислесип келмекте, – деди Әзербайжан Республикасы Мәденият министри Адил Керимли. – Бул илаж мәдений-ағартыўшылық тараўларында биргеликтеги көплеген режелеримизге түртки бергени менен әҳмийетли.
Ушырасыў даўамында регионаллық мәдений бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, региондағы мәденият ғайраткерлери арасында мәдений алмасыўды кеңейтиў, Орайлық Азия ушын мәдений брендти раўажландырыў сыяқлы мәселелер ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы