Орынларда дизимге алыў процесслерине таярлық жумыслары даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги ПП-173-санлы пәрманына муўапық халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўға таярлық жумыслары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Усы мүнәсибет пенен Мойнақ районында Статистика басқармасы хызметкери И.Нарбаевтың басшылығында мәҳәлле жетилиги хызметкерлериниң қатнасыўында әмелий семинар өткерилди. Илаж даўамында дизимге алыў басқышлары, сораўнамалар менен ислесиў тәртиби ҳәм электрон система арқалы мағлыўмат киргизиў процеси бойынша толық түсиниклер берилди.
Атап өтилгениндей, бундай семинарлар орынлардағы жуўапкер хызметкерлердиң билим ҳәм тәжрийбесин арттырыў, дизимге алыў процесин пуқта ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.


Қатнасыўшыларға респондентлер менен пикирлесиў, сораўнамаларды толтырыўда итибарлы болыўы керек болған тәреплер ҳәм халыққа дурыс мағлыўмат жеткериў бойынша әмелий көрсетпелер берилди.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги