“Мүриўбет” үйинде байрам илажы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Нөкис» СЭЖ бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен “Медицина хызметкерлери” күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы майыплығы болған ҳаял-қызлар жасайтуғын “Мүриўбет” интернат үйинде мийнет етип атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелер ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.
Инсан саламатлығы жолында пидайылық көрсетип атырған бул мәкеме хызметкерлерине, бажыхана хызметкерлери тәрепинен миннетдаршылық билдирилип, олардың аўыр, бирақ мақтанышлы мийнети жоқары қәдирленетуғыны атап өтилди.
“Мүриўбет” үйинде өткен байрам илажы халқымызға тән меҳир ҳәм жақсылық руўхын және бир мәрте көрсетти.



Әлбетте, бундай илажлар жәмийетте адамгершилик ҳәм ғамқорлық орталығын беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги