“Келешек мийрасы” сыйлығының жеңимпазлары сыйлықланды

42

Ислам цивилизациясы орайына сапар даўамында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Президентлери “Келешек мийрасы” халықаралық сыйлығының лауреатларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен шөлкемлестирилген халықаралық сыйлық әдебият, мәденият, көркем өнер, илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен елимиз ҳәм сырт ел дөретиўшилерин хошаметлеўге қаратылған.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан ўәкиллери: Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСАЙ) бас хаткери, Қырғызстан халық жазыўшысы Султан Раев “Әдебият” номинациясында, Тәжикстан халық шайыры Давлат Сафарзода “Мәденият” номинациясында, М.Авезов атындағы Қазақстан Миллий драма театрының актёры Еркебулан Дайиров “Театр ҳәм кино” бағдарында, Әзербайжан халық артисти Алим Гасимов “Музыка ҳәм аяқ ойын” номинациясында, Түркменстан халық артисти Бабасари Аннамирадов “Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер” бағдарында, Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы халықаралық орай директорының орынбасары, аўыл хожалығы илимлериниң докторы Дилфуза Эгамбердиева “Илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар” номинациясында таңлаўдың дәслепки жеңимпазлары болды.

Жетекшилер жанында лауреатларға сыйлық статуэткасы, диплом ҳәм 10 мың долларлық ақшалай сыйлық тапсырылды.

Мәмлекет басшылары сыйлы орын ийелери менен сүўретке түсти.

ӨзА