Бельгия Өзбекстанда елшихана ашады

Бельгия Өзбекстанда елшихана ашыў арқалы Орайлық Азиядағы дипломатиялық байланысларды кеңейтиў нийетин жәриялады. Бул ҳаққында мәмлекет сыртқы ислер министри Максим Прево мәлим етти.
Мағлыўматқа бола, Брюссель сыртқы сиясий ўәкилханалар тармағын қайта көрип шығыў шеңберинде Ташкентте жаңа елшихана ашыўды режелестирмекте. Министрдиң айтыўынша, Бельгия 20 ға шамалас мәмлекет пенен дипломатиялық миссияның жумысын күшейтеди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта әмелдеги 8 ўәкилхана жабылады, 5 жаңа елшихана ашылады.
Билдириўде Ташкент елшиханасының ашылыўы регионның экономикалық өсиў потенциалы, Транскаспий коридоры бойлап жаңа транспорт бағдарлары ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенлиги тән алынғаны менен байланыслы екенлиги атап өтилген.
– Орайлық Азия инвестиция ҳәм узақ мүддетли раўажланыў көзқарасынан әҳмийетли аймақ, – деди Прево. – Өзбекстанда елшихана ашылыўы Бельгияға регионаллық экономикалық ҳәм сиясий процессте белсене қатнасыў имканиятын береди.
Экспертлер жаңа дипломатиялық ўәкилхана еки мәмлекет арасындағы саўда, сиясий сөйлесиў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыўына да итибар қаратқан.
Д.Ҳакимов, ӨзА