Жаңа форматтағы регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары көрсетип өтилди

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтти.
Саммитке Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, сондай-ақ, БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, регионаллық бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм тийкарғы тараўларда биргеликтеги жойбарлар менен басламаларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саммит алдында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қосылғанын қанаатланыўшылық пенен жәриялады. Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, бул қарар уқсас тарийх, туўысқанлық байланыслары, руўхый ҳәм мәдений жақынлық пенен тығыз байланысқан халықларымыздың мәплерине толық жуўап береди.

Сондай-ақ, бул стратегиялық қәдем Мәсләҳәт ушырасыўларына күшли пәт бағышлайтуғынына, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, турақлы раўажланыў мәселелери бойынша биргеликте қарарлар ислеп шығыў ушын жаңа горизонтлар ашатуғынына исеним билдирди.

– Тийкарынан биз Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында беккем көпир қурып атырмыз, бирге ислесиўдиң бирден-бир мәканын қәлиплестириўге жол ашпақтамыз. Бул еки регионның стратегиялық байланыслылығы ҳәм турақлылығын күшейтиўи сөзсиз, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Соң Өзбекстан жетекшиси кейинги жыллары регионда әмелге асырылып атырған интеграция процесслерин қысқаша таллады. Ашық сөйлесиў ҳәм биргеликтеги жедел ҳәрекетлер себепли регион ушын әҳмийетли болған бир қатар машқалаларға нәтийжели шешимлер табылғаны атап өтилди.

Аймақлық мәселелер үзил-кесил шешилди, шегара пунктлери ашылды, суў-энергетика тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылды, транспорт байланыслары қайта тикленди, жедел саўда-инвестициялық ҳәм гуманитарлық байланыслар ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
– Бүгинги күнде Орайлық Азия – турақлы өсиў ҳәм абаданлық ушын алдымызда жаңа имканиятлар ашып атырған жедел раўажланыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиў мәканы болып есапланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Регион жәҳән экономикасына жедел интеграцияланбақта: инвестициялық тартымлылық артпақта, үшинши базарларға экспорт имканиятлары кеңеймекте, транзит потенциалы өспекте. Өткен жылы регион мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда көлеми 10,7 миллиард долларға жетти, Орайлық Азияға киргизилген инвестициялардың улыўма көлеми 17 процентке көбейди.

Қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, терроризм ҳәм экстремизм, трансшегаралық жынаятшылық қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў мәселелери бойынша системалы илажлар көрилмекте.
Регионның халықаралық қатнасықлар субъекти сыпатындағы орны беккемленип, глобаллық мәселелердеги роли артып бармақта, “Орайлық Азия плюс” форматындағы қатнасықлар күшеймекте, регион абырайлы халықаралық майданларда бирден-бир позиция менен ортаға шықпақта.

Форматқа Әзербайжанның қосылыўы менен регионның дүнья жәмийетшилигиндеги ҳаўазы және де салмақлы болатуғынына исеним билдирилди.
Өзбекстан басшылығы дәўиринде 20 дан аслам ири илажлар өткерилгени атап өтилди. Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде Аймақлараралық бирге ислесиў форумының жумысы жолға қойылды, биринши мәрте қорғаныў уйымлары, арнаўлы хызметлердиң басшылары, сондай-ақ, геология, санаат, аўыл хожалығы, экология ҳәм мәденият министрлериниң мәжилислери өткерилди. Күни кеше Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи табыслы өткерилди.

Бул илажлардың барлығы регионаллық шерикликтиң институционаллық тийкарлары ҳәм механизмлери системалы түрде беккемленип атырғанынан айқын дерек екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы қыйын ҳәм алдыннан болжап болмайтуғын халықаралық сиясий процесслер шараятында регион мәмлекетлериниң аўызбиршилигин ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўын беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

– Бүгин биз регионымыздың Жаңа Орайлық Азия сыпатындағы тарийхый ояныў дәўири босағасында турғанымызға исенемен. Биз бирге ислесиўимиздиң институционаллық тийкарларын және де беккемлеў, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўип-қәтерлерге өз-ара муўапықластырылған жуўапты ислеп шығыўды өз алдымызға ўазыйпа етип қойғанбыз. Биз ушын ҳәзирдиң өзинде регионымызды буннан 10-20 жылдан кейин қандай көрмекши екенимиз бойынша анық түсиникке ийе болыў әҳмийетли, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, бүгинги ушырасыўларды регионаллық қарым-қатнастың мәсләҳәтлесиў түринен “Орайлық Азия жәмийетшилиги” стратегиялық форматына айландырыў усыныс етилди. Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳаққындағы режени ислеп шығыў, гезекпе-гезек ислейтуғын Секретариатты шөлкемлестириў, миллий муўапықластырыўшылар статусын Президентлердиң арнаўлы ўәкиллери дәрежесине көтериў бул бағдардағы дәслепки қәдемлер болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Президентимиз бай турмыслық тәжирийбеге ийе, абырайлы жәмийетлик ғайраткерлерден ибарат Ақсақаллар кеңесин дүзиў басламасын алға қойды, бул әўладлар арасындағы байланысты, сондай-ақ, улыўма регионаллық аўызбиршилик ҳәм өзине тәнликти беккемлеўге хызмет етеди.
Өзбекстан жетекшиси саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығыў ўазыйпасы тийкарғы екенин, бул орта мүддетли келешекте өз-ара саўда ҳәм улыўма сыртқы саўда айланысының көлемин 1,5-2 есеге арттырыў имканиятын беретуғынын көрсетип өтти.
Ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, салық ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, еркин экономикалық ҳәм санаат зоналарынан биргеликте пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Бизиң көзқарасымыз бойынша, жоқарыда көрсетип өтилген барлық мәселелерди қамтып алатуғын, саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша 2035-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген кең көлемли регионаллық бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў саўда көлемлерин сезилерли дәрежеде арттырыў ушын қолайлы шараят жаратыў имканиятын береди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан тысқары, регионда бирден-бир инвестициялық орталықты қәлиплестириў ушын Улыўма инвестициялық мәкан ҳаққындағы декларацияны қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Тараўдағы көзқарасларды үйлестириў, виртуал саўда майданлары ҳәм исенимли санлы төлем системаларын жаратыўға қаратылған Электрон коммерцияны раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Регионның жоқары технологиялық инфраструктурасы ҳәм транспорт-логистика потенциалын биргеликте раўажландырыў регионның келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.
– Электр станциялары ҳәм узатыў тармақлары, автомобиль ҳәм темир жоллар, шегара арқалы өткериў пунктлери, “жасыл коридорлар”, оптикалық талшықлы линиялар ҳәм басқа да объектлерди қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша стратегиялық әҳмийетке ийе болған улыўма регионаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәрекетлеримизди бирлестириўди усыныс етемиз, – деди мәмлекетимиз жетекшиси.
“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы ҳәм Трансаўған транспорт коридорының қурылысы регионлараралық транспорт байланыслылығының тийкарғы жойбарлары сыпатында атап өтилди. Аймақты Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын Транскаспий жөнелислери үлкен имканиятларға ийе екенине итибар қаратылды.
Бул бағдарлардағы жумысларды муўапықластырыў ушын Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде Инфраструктураны раўажландырыў кеңесин дүзиў усыныс етилди.
Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў көзқарасынан саммитте қабыл етилип атырған ҳүжжетлер – Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық концепциясы және Қәўип-қәтерлер каталогы жоқары баҳаланды.
Аўғанстандағы жағдайдың қәўипсизликке тәсирин есапқа алған ҳалда ҳәм пүткил регионның турақлы раўажланыўы ушын бул мәмлекетти регионаллық инфраструктура, енергетика ҳәм транспорт жойбарларына интеграциялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жақында өткерилген “Ферғана тынышлық форумы”н дәстүрий халықаралық форумға айландырыў зәрүр екенлигин билдирди.
Регион мәмлекетлери ушын экология, климат ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги мәселелери барған сайын әҳмийетли болып атырған шараятта Орайлық Азияның “жасыл” раўажланыў концепциясын тез пурсатта қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Регионда суў жетиспеўшилиги артып баратырғанын есапқа алып, 2026-2036-жылларды “Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы” деп жәриялаў усыныс етилди.
Қоңсы Аўғанстанды Әмиўдәрья бассейни суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў бойынша регионаллық сөйлесиўге жедел тартыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Суў хожалығы тараўында кадрларды профессионал таярлаўға инвестиция киргизиў мақсетинде Өзбекстан Президенти Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты негизинде Суў хожалығы тараўындағы регионаллық ўәкилликлер орайын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.
Мәмлекетимиз басшысы келеси жылы елимизде өткерилиўи режелестирилген суўды үнемлеў бойынша Пүткил жер жүзилик форумға белсене қатнасыўға шақырды.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мәниде, Ислам цивилизациясы орайы жаслар, олардың илимий ҳәм руўхый ағартыўшылығы ушын тартымлы орынға айланатуғынына үмит билдирилди.
Сондай-ақ, саммит алдынан пайтахтымызда биринши мәрте өткерилген Руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша халықаралық конгрессти турақлы өткерип барыў усыныс етилди.
Бул теманы раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти регионымыздың белгили илимпаз ҳәм ойшылларының глобал ағартыўшылықтың раўажланыўына қосқан үлесине бағышланған БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын алға қойды.
Илимий-билимлендириў кооперациясы шеңберинде мәмлекетлераралық жойбарларды қаржыландырыў, академиялық жәмийетшиликти хошаметлеў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў имканиятларын кеңейтиў ушын Илимий изертлеўлер фондын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси сөзиниң жуўмағында қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм алға қойылып атырған басламаларда турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан Орайлық Азияны қурыўдай улыўма мақсет жәмленгенин атап өтти.
– Айрықша атап өтпекшимен: бизиң күшимиз – бирликте, табысқа қарай жолымыз – дослық ҳәм бирге ислесиўде. Тек аўызбиршиликли болып, өз-ара ҳүрмет, тилеклеслик ҳәм стратегиялық көзқарасларға сүйенип, ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Түркменстан Президентин 2026-жылы мәмлекет басшыларының “Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан” жаңа форматта болып өтетуғын Мәсләҳәт ушырасыўына басшылықты қабыл етип алғаны менен қутлықлады.
Буннан соң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекшилери шығып сөйледи. БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң мүрәжатын оқып еситтирди.
Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.
Буннан тысқары, Президентлер төмендеги әҳмийетли ҳүжжетлерди қабыл етти:
– Қырғыз Республикасының 2027-2028-жылларда БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң ўақытша ағзалығына талабанлығы бойынша БМШға ағза мәмлекетлерге мүрәжаты;
– Әзербайжан Республикасының Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында толық ҳуқықлы ағза сыпатында қатнасыўы ҳаққындағы қарар;
– Орайлық Азияда регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық концепциясы;
– Орайлық Азия қәўипсизлигине қәўип-қәтерлер каталогы ҳәм олардың алдын алыў бойынша 2026-2028-жылларға мөлшерленген илажлар.
Орайлық Азия мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўында бүгин сапа жағынан жаңа дәўир басланды. Сөйлесиўлерди ашық ҳәм жүзбе-жүз алып барыў дәстүри қоңсы мәмлекетлер арасында исенимди күшейтиўге тийкар жаратпақта.
Ташкенттеги ушырасыў мине усы унамлы динамиканың үзликсиз даўамы сыпатында Орайлық Азияның жаңа бурылыс ноқатына айланғанын және бир мәрте тастыйықлады.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң тарийхый саммити бағдарламасындағы илажлар жуўмақланғаннан соң, “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Әзербайжан Президентлерин шын жүректен шығарып салды.
17-ноябрь күни Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мәмлекетимизге мәмлекетлик сапарының тийкарғы илажлары болып өтеди.
ӨзА