Тәжикстан Президенти ҒМДА парламентлериниң басшыларын қабыллады

164

Душанбе қаласында болып өткен ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының 59-жалпы мәжилиси шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон парламентлердиң басшылары менен ушырасты.

Онда Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева да қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлер арасындағы парламентлераралық қарым-қатнасты күшейтиў және регионаллық турақлылық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеў мәселелери додаланды.

Илаж қатнасыўшылары Президент Эмомали Раҳмонның Душанбедеги “Қасри Миллат” мәмлекетлик сарайында болып, бул жердиң тарийхый ҳәм архитектуралық әҳмийети менен жақыннан танысты.

Н.Абдураимова, ӨзА