Ташкент Орайлық Азия халықларының илимий пикирлесиў майданына айланды

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында даўам етип атырған “Орайлық Азия: улыўма руўхый-ағартыўшылық мийрас – улыўмалық келешек” темасындағы халықаралық конгресс бағдарламасынан тарийх, мәденият, әдебият, кино, санлы технология ҳәм диний-ағартыўшылық тараўларын қамтып алған бир қатар әҳмийетли ушырасыў ҳәм форумлар орын алған.
Мәселен, Орайлық Азия тарийхшылары II форумында регионның улыўмалық тарийхый тамырлары, дерек таныў ҳәм археология тараўындағы биргеликтеги изертлеўлер, материаллық ҳәм руўхый мийрасты үйрениў мәселелери додаланды.
“Уллы өтмиш – уллы келешек” сүўретшилер ушырасыўында болса туўысқан халықлардың көркем мийрасының уқсас тәреплери, заманагөй көркем өнер тенденциялары ҳәм дөретиўшилик бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша әҳмийетли пикирлер алысылды.
“Әдебий дослық – мәңги дослық” сөйлесиўинде аўдарма мектебин тиклеў, әдебий байланысларды күшейтиў ҳәм жас жазыўшылар ушын жаңа имканиятлар жаратыў мәселелерине итибар қаратылды.
Кино форумда ҳүжжетли ҳәм тарийхый фильмлерде мәдений қәдириятларды үгит-нәсиятлаў, тараўда регионаллық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў бойынша усыныслар ортаға тасланды.
“Ислам қәдириятларын қәстерлеп сақлаў” форумында диний-ағартыўшылық мийрасты сақлаў, заманагөй диний билимлендириўди жетилистириў ҳәм жасларда кеңпейилликти беккемлеў мәселелери көтерилди.
“Жаслар ҳәм санлы дәўир” секция мәжилисинде болса жасалма интеллект технологиясын мәдений мийрасты санластырыўда қолланыў, жаслардың инновациясын қоллап-қуўатлаў ҳәм санлы гуманитарлық жойбарларды алға қойыўға байланыслы усыныслар билдирилди.
Халықаралық конгресс Орайлық Азия халықларының руўхый бирлиги, аўызбиршилиги ҳәм илимий бирге ислесиўин жоқары басқышқа алып шығыў жолында әҳмийетли басқыш ўазыйпасын атқаратуғыны сөзсиз.
ӨзА