Садир Жапаров та ҳәптениң ақырында Өзбекстанға келеди

62

15-16-ноябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров Орайлық Азия мәмлекет басшыларының жетинши мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын Ташкентте әмелий сапар менен болады.

Бул ҳаққында Қырғызстан президенти Администрациясы Сыртқы сиясат басқармасының баслығы Сагинбек Абдумуталип мәлим етти.

“Орайлық Азия мәмлекет басшыларының жетинши мәсләҳәт ушырасыўы регионаллық бирге ислесиў перспективаларына байланыслы әҳмийетли мәселелерди додалаўға қаратылған.

Сапар етиў шеңберинде Қырғызстан президенти Садир Жапаров ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев арасында еки тәреплеме ушырасыў режелестирилген,” деп атап өтти Сагинбек Абдумуталип.

Еслетип өтемиз, бүгин, 14-ноябрь күни Қазақстан жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаев Президент Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, мәмлекетлик сапар менен Ташкент қаласына келди, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги