Есап палатасының “Мәмлекетлик аудит” программалық комплексинен пайдаланыў тәртиби белгиленди

“Мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызметлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Есап палатасының “Мәмлекетлик аудит” программалық комплексинен пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Telegram – каналы мәлим етти.
Онда айтылыўынша, бул режелерге бола, “Мәмлекетлик аудит” бағдарламасынан пайдаланыўдың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер болып есапланады, атап айтқанда:
– қадағалаў (аудит) илажларын дизимге алыў;
– мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызметлериниң жыллық жумыс режелерине киргизилетуғын қадағалаў (аудит) илажларын мәжбүрий тәртипте Есап палатасы менен келисиў.
“Мәмлекетлик аудит” бағдарламасында пайдаланыўшы субъектлер сыпатында төмендегилер дизимнен өткериледи ҳәм оларға төмендеги кириў ҳуқықлары бериледи:
– мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшысы ҳәм орынбасары ушын – “тастыйықлаўшы” ҳуқықы;
– мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшысының орынбасары, структуралық бөлимлериниң баслықлары ушын – “мақуллаўшы” ҳуқықы;
– мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызмети хызметкерлери (2 адамға шекем) ушын – “оператор” ҳуқықы;
– мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары ҳәм ишки аудит хызметиниң “оператор” ҳуқықы берилмеген хызметкерлери ушын – “пайдаланыўшы” ҳуқықы.
Сондай-ақ, мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымлары және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен “Мәмлекетлик аудити” бағдарламасында дизимнен өткериў ушын Есап палатасына сораўнама усынылады.
Буннан тысқары, “Мәмлекетлик аудити” бағдарламасында дизимнен өтпеген қадағалаў (аудит) илажлары нызамсыз есапланады,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги