Нөкисте алкоголь өнимлери ҳәм этил спирти жоқ етилди

Соңғы ўақытлары алкоголь өнимлерин пайдаланып, саламатлығына зыян жеткерген ямаса усындай өнимлер себепли қайтыс болған шахслар ҳаққында хабарлар көп тарқалмақта.
Соған қарамастан, инсанның күшли зәҳәрлениўине ҳәттеки өлимине себеп болыўы мүмкин болған қолбала исленген, ҳеш бир стандарт талапларына жуўап бермейтуғын спиртли ишимликлерди тутыныўшыларға жеткерип бериў ҳәм оларды алдап сатыў жағдайлары, тилекке қарсы, ушырасып тур.
Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлиминиң ис жүргизиўинде болған, Жынаят ислери бойынша судлардың қарарларына тийкарланып Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти тәрепинен алып қойылған.
5 мың 888 литр алкоголь өнимлери ҳәм 2 мың 193 литр этил спиртин жоқ етиў белгиленген.


Усы суд қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде жоқ етилиўи белгиленген өнимлер тийисли уйымлардың хызметкерлери қатнасыўында усы жылдың 12-ноябрь күни жоқ етилип, суд қарарларының орынланыўы әмелде тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги