Дипломатиялық ренессанс

61

Жаңа Өзбекстанның избе-из сыртқы сиясаты оның глобаллық майданда исенимли ҳәм прагматикалық шерик сыпатындағы статусын беккемлейди.

Белгисизлик дәўириндеги бирге ислесиў

Тиклениўдиң жаңа дәўири, әсиресе, сыртқы сиясат бағдарында көбирек көзге тасланбақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен басланған реформалар себепли Өзбекстан прагматизм ҳәм өз-ара пайдалы шерикликке тийкарланған дипломатиялық байланысларды да жеделлестирмекте. Мәмлекетимиз халықаралық қатнасықларда исенимли, жуўапкершиликли ҳәм анық мақсетлерге умтылып атырған қатнасыўшы болып, қарым-қатнас руўхын белгилеў ҳәм бирге ислесиўдиң күн тәртибин қәлиплестириўге уқыплы.

Сыртқы сиясат майданында жүз берген соңғы ўақыяларда Өзбекстан жетекшилерге тән болған сондай рольди атқарды, буны биймәлел “дипломатиялық салтанат” деп атаў мүмкин. Мәмлекетимиз басшысы кейинги күнлерде, салыстырмалы қысқа ўақыт ишинде, алып барған табыслы ушырасыўлардың тийкарғы темалары мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы тармақларына байланыслы көп миллиардлы келисимлер ҳәм шәртнамалар, бирге ислесиўдиң гуманитарлық бағдары, туристлик алмасыў мәселелери болып, бул сөйлесиўлер пүткил дүньяда тән алынған, ең раўажланған мәмлекетлер ҳәм абырайлы шөлкемлер менен алып барылғаны әҳмийетли болып есапланады.

Ҳәр қандай ўақыя ямаса жаңалықты түсиниў ушын сол ўақыяның өзин ғана емес, ал оның мәнисин аңлаў әҳмийетли. Хош, бүгин биз жасап атырған дүньяның реаллығы, ҳақыйқаты неде?

Ҳәр бир медиа-өним менен танысыўды баслағаннан соң, көз алдымызда пүткил бир мәмлекет ямаса регионның апатшылықлары елеслейди. Жақын Шығыста ҳәм Украинада адамлар қайтыс болыўы даўам етпекте. Африка материгиндеги үлкен-үлкен аймақларда жаӊа қарама-қарсылық ошақлары пайда болмақта. Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда көрсетилип атырған қорқынышлы ўақыяларды көрип, жүрегиң артқа тартып кетеди. Қарасыз, булардың ҳәммеси ядро урысы, бир миллеттиң басқасынан үстинлиги, адамлардың санасы менен “ойнаў”ға урыныў сыяқлы мәселелер ҳаққында тек ғана сөз етиў фонында жүз бермекте.

Сиясий сахнада да мийримсизлик буннан кем емес. Жаңалықлар лентасынан белгили болыўынша, мәмлекетлер жақынласыўдың орнына, бир-бири менен қатнасықларды үзип атыр. Сыртқы сиясатта турбулентлик – қәўипли силкиниўлердиң бар екенлиги ҳаққындағы сөзлерге үйренип қалдық. Бул болса дүньяда турақсызлық, белгисизлик бар екенлигин, әпиўайы қағыйда ҳәм нызамлылықлар ислемей қалғанын аңлатады. Ўақыялар раўажланыўының қурамалылығы ҳәм жеделлиги себепли процесслерди алдыннан айтыў мүмкин емес, тәртип ҳәм тәртипсизлик арасындағы сәйкеслик бузылған. Ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған ҳәдийселер бул анықсызлық кризисиниң орайы болып есапланады.

Хош, мине усындай шараятта Өзбекстан қандай жол тутпақта? Ол мине усындай белгисизлик сақланып қалған жағдайда бар қатнасықларды және де беккемлемекте. Әсиресе, мәмлекетимиздиң тек ғана түпкиликли мәплери емес, ал улыўмалық келешеги жәмленген регионымыз – Орайлық Азияда өз-ара бирге ислесиўди күшейтпекте.

Өзбекстанның жаңа сыртқы сиясат бағдары ашық-айдынлыққа тийкарланған. Бул болса мәмлекетимиздиң дүньядағы жетекши мәмлекетлер ҳәм күш орайлары менен орнатып атырған қатнасықларында, ири қатнасыўшылар ҳәм бизиң прагматикалық мәплеримиз арасындағы тең салмақлылықта өз көринисин таппақта.

Өзбекстан Президенти ҳақыйқый сыртқы сиясий ренессансты басынан өткерип атырған мәмлекеттиң мәплерине сүйенеди. Бундай сиясатты турмысқа енгизиўдиң нәтийжеси болса белгили: бул мәмлекет экономикасына киргизилип атырған сырт ел инвестициялары көлеминиң еселеп артыўы, сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалар, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар санының көбейиўи болып табылады. Мәмлекетимиз басшысы сыртқы сахнада терең ойланған стратегияны әмелге асырыўда исеним, күш-ғайрат ҳәм күшли ерк-ықрар көрсетпекте.

Кейинги бир неше ҳәпте ишинде Президентимиз Әзербайжанда Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитинде, Тәжикстанда болса “Орайлық Азия – Россия” форматындағы ушырасыў ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшыларының мәжилисинде қатнасты, Брюссельге барды ҳәм бул жерде Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Сондай-ақ, Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы өткерилди. Соң мәмлекетимиз басшысы Қатарда болып өткен социаллық раўажланыў бойынша екинши Пүткил жер жүзилик саммитинде қатнасты. Ақырында, әҳмийетли тарийхый ўақыя – Президентимиздиң АҚШқа сапары болып өтти.

Нью-Йорктан Вашингтонға

Мәмлекетлер жетекшилериниң ушырасыўларын бақлаў барысында тек ғана қол қойылып атырған ҳүжжетлер ҳәм келисимлерди пуқта үйрениў, сөйлесиўлерди тыңлаў емес, ал және сол ўақыттағы салтанат ҳәм мәресимлерге итибар қаратыў әҳмийетли. Усы мәнисте исеним менен айтыў мүмкин, Президентимиздиң АҚШ басшысы менен Вашингтондағы ушырасыўы ең жоқары дәрежеде өтти. Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары жетекшилери еки тәреплеме стратегиялық шерикликти жаңа басқышқа көтерди ҳәм буның менен қатнасықларда жаңа бет ашты.

Өзбекстан Президенти Ақ үйдиң Ҳүрметли мийманлар китабында сөзлерин жазып қалдырды. Соң Овал бөлмеде жетекшилер сөйлесиў өткерди. Онда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Усы жылдың сентябрь айында Нью-Йорк қаласында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Глобаллық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соның ишинде, “С5+1” форматында Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысылды.

Вашингтондағы ушырасыў буннан бир айдан көбирек ўақыт алдын Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамптың БМШ резиденциясында Бас Ассамблеяның 80-сессиясы шеңберинде болып өткен ушырасыўының логикалық даўамы болды. Сол ўақытта жетекшилер Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин ҳәм тийкарғы бағдарларын толық додалап алған еди.

Қурама Штатлар Президенти Өзбекстан жетекшисиниң 50 ден аслам ири Америка компания ҳәм банклериниң басшылары менен өткерген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлердиң нәтийжелерин жоқары баҳалады. Сол ўақытта пуқаралық авиация, таў-кән санааты, әҳмийетли минераллар, қаржы, инновациялар, химия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда шәртнамалар ҳәм перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди. Бул жойбар ҳәм келисимлер еки мәмлекетте он мыңлаған жаңа жумыс орынларын жарататуғыны атап өтилди.

Сентябрь айында Нью-Йоркта ҳәм ноябрь айында Вашингтонда болып өткен еки ушырасыў арасында жоқары дәрежедеги делегациялар арасында жедел пикир алысыўлар болды, үлкен шөлкемлестириў жумыслары алып барылды. Әне, усы ҳәрекетлер жаңа сөйлесиўлерге анық реже ҳәм жойбарлар, инвестиция, технология ҳәм санаат бирге ислесиўи шеңберинде терең ойланған усыныслар тийкарында қатнас жасаў имканиятын берди.

Өзбекстан басшысы Дональд Трампты ишки ҳәм сыртқы сиясатта ерисилген жоқары нәтийжелер менен қутлықлады. Оның өткир халықаралық ҳәм регионаллық келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиўдеги жеке үлесин жоқары баҳалады. Өз гезегинде, АҚШ Президенти Өзбекстан басшысының Америка ҳүкимети ҳәм жетекши корпорациялары менен ушырасыўларын қоллап-қуўатлады.

Жетекшилер биргеликтеги жойбарларды алға қойыўда институционаллық механизмлерди жаратыў ҳәм жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти. Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти америкалы кәсиплесин өзине қолайлы болған ўақытта Өзбекстанға рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

“С5+1” саммитин айрықша атап өтиў керек. Онда Өзбекстан Президенти усы форматты шөлкемлестиргени ушын АҚШ жетекшисине миннетдаршылық билдирди. Бундай формат өзиниң он жыллық тарийхында регионаллық саўда, транспорт-энергетика байланысларын раўажландырыўдың нәтийжели механизмине айланғаны атап өтилди. Бул саммит Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық сөйлесиўдиң жаңа басқышын баслап беретуғыны айтып өтилди. Бул бағдарда анық басламалар усыныс етилди.

Атап айтқанда, қатнасыўшы мәмлекетлерде гезекпе-гезек жайластырылатуғын турақлы жумыс алып баратуғын Секретариатты шөлкемлестириў, мәмлекетлик уйымлар, компаниялар ҳәм қаржы институтлары арасында системалы сөйлесиўди тәмийинлеў мақсетинде министрлер дәрежесинде Инвестициялар ҳәм саўда бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзиў, “Орайлық Азия инвестициялық шериклиги” қорын иске қосыў басламалары билдирилди. Орайлық Азияны Қубла Кавказ ҳәм Европа менен байланыстыратуғын ири транспорт-коммуникация ҳәм энергетика жойбарларын әмелге асырыў, минералларды излеў, қазып алыў ҳәм терең қайта ислеў бағдарындағы ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў, сондай-ақ, таяр өнимлерди глобал жеткерип бериў шынжырларына киргизиў ушын Арнаўлы комитет дүзиў, аўыл хожалығын Америка технологияларын енгизген ҳалда модернизациялаў мақсетинде Регионаллық агротехнологиялық инновациялар шериклигин шөлкемлестириў усыныслары алға қойылды.

Өзбекстан Президентиниң АҚШтың жетекши музейлеринде Орайлық Азия мәмлекетлериниң мәдений мийрасына бағышланған биргеликтеги көргизбелерди шөлкемлестириў басламасы гуманитарлық байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев гезектеги “С5+1” саммитин Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.

Сапардың әмелий бағдарламасы шеңберинде Америка компаниялары, инвестициялық қорлары ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери менен ушырасыў да болып өтти. Қатнасыўшылар арасында “Traxys”, “FLSmidth”, “McKinsey”, “Meta”, “Google”, “Amazon” ҳәм басқа да корпорациялардың топ-менеджерлери бар еди. Президенттиң атап өткениндей, соңғы сегиз жылда АҚШ пенен товар айланысы 4 есеге көбейди, Өзбекстанда 300 ден аслам америкалы компаниялар табыслы жумыс алып бармақта. Мәмлекет басшысының пикиринше, бирге ислесиў бойынша ерисилген бул дәреже және де кеңирек перспективалы жаңа басқыштың басланыўы ғана.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Оған бола, 2030-жылға шекем жаңа энергетика системасы жаратылады, пайдалы қазылмалар Америка технологияларынан пайдаланған ҳалда қазып алынады ҳәм қайта исленеди, АҚШтың “Google”, “Meta”, “NVIDIA” компаниялары менен санлы шериклик кеңейтиледи, “Apple Pay” ҳәм “Google Pay” төлем системалары енгизиледи, Санлы академия ҳәм стартап-хаблар тармағы жаратылады.

Президентимиз Қурама Штатлар компанияларының инвестициялық усынысларын жеке өзи қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди. Өзбекстан исенимли шерик ҳәм табыс кепили болып қалатуғынын атап өтти.

Дональд Трамп “TruthSocial” социаллық тармағында еки мәмлекет арасында әжайып саўда-экономикалық келисим дүзилгени ҳаққында хабар берди. Президент Шавкат Мирзиёевқа конструктивлик сәўбет ушын миннетдаршылық билдирди, Өзбекстан менен бирге ислесиў қатнасықларын узақ мүддетли ҳәм стратегиялық, деп атады.

АҚШ Президенти соны да атап өтти, Орайлық Азия – тек ғана стратегиялық жақтан әҳмийетли емес, ал жүдә бай мәнзил, бирақ бурынғы президентлер тәрепинен бул тән алынбаған. Оның қосымша етиўинше, ҳәзирги администрация бул қәтени дүзетиў, Американың региондағы ҳәр бир мәмлекет пенен бирге ислесиўин күшейтиў нийетинде.

Бул сөзлерден көринип турғанындай, АҚШ регионның әҳмийетин тән алған ҳалда оған болған итибарды тиклемекши. Онда Өзбекстан Президентиниң қатнасы, әсиресе, итибарға ылайық. Ол тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге, келиспеўшиликлерди сапластырыўға ҳәрекет етеди. Бул болса мәмлекетимизди Орайлық Азияның тәбийғый ҳәм исенимли шеригине айландырады.

Бул пикирди атап өткен сиясий аналитик Джеймс Дурсо “The Hill” басылымындағы мақаласында жазыўынша, әйне Өзбекстан регионның барлық төрт республикасы ҳәм Аўғанстан менен шегаралас болып, ол Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында регионаллық бирге ислесиўди тереңлестириўде шешиўши роль атқарды.

Ўатанға хызмет жолы

Мәмлекетимиздиң аты кейинги жыллары сырт ел ғалаба хабар қуралларында тез-тез ушырасып, ол сиясий аналитиклердиӊ ҳәм шолыўшылардың тилинен түспей атыр. Әсиресе, быйылғы гүзде Өзбекстан пүткил дүнья жүзинде және де белгили болды. Оған хызмет еткен факторлардан бири – ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы Самарқанд қаласында өткерилип атырғаны болды. Бул ўақыя тарийхый әҳмийетке ийе. Себеби кейинги 40 жыл ишинде биринши мәрте конференция Шөлкемниң штаб-квартирасынан тысқарыда өткерилмекте.

Онда 190 ағза мәмлекетлерден ҳәм халықаралық шөлкемлерден келген 2 800 ўәкил, соның ишинде, 70 ке шамалас жоқары мәртебели басшылар қатнаспақта. Сессияның ашылыўында елимизге келген Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Словакия Президенти Петер Пеллегрини де ҳүрметли мийман сыпатында қатнасты.

Экспертлердиң баҳалаўынша, бундай үлкен әнжуман ушын әййемги Самарқандтың таңланғаны бийкарға емес. Яғный, бул – Өзбекстанның глобаллық мәдениятлараралық қарым-қатнастың раўажланыўына, мәдений ҳәм тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға, Турақлы раўажланыў мақсетлерин алға қойыў жумысына үлкен үлес қосып атырғанының тән алыныўы болып есапланады.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, бундай абырайлы форумның елимизде өткерилип атырғаны шөлкемге ағза мәмлекетлердиң Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли, жедел реформаларға болған жоқары исениминиң айқын көриниси болып есапланады. “Даӊқлы сексен жыллық юбилейин белгилеп атырған ЮНЕСКО өткен дәўир даўамында билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, мәлимлеме тараўында глобаллық бирге ислесиў, өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик бойынша дүньядағы абырайлы институт сыпатында өзин көрсетип келмекте”, деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Самарқандтың таңланыўы рәмзий мәниге ийе екенин атап өткен мәмлекетимиз басшысы буны усы қаланың адамзаттың тарийхый жылнамасына гуманистлик идеялар, бийбаҳа билимлер, цивилизациялараралық қарым-қатнас орайы сыпатында киргени менен байланыстырды. Президенттиң атап өткениндей, геосиясий кескинлик ҳәм әскерий келиспеўшиликлер тәсиринде планетамыздағы сийрек ушырасатуғын естеликлер, муқаддес зыярат етиў орынлары ҳәм бийбаҳа мәдений мийрас үлкен зыян көрмекте.

“Мәмлекетлер арасында билим ҳәм технологиялар, санлы ресурслардан пайдаланыў бойынша айырмашылық артып бармақта. Буның нәтийжесинде имканиятлар теңсизлиги ҳәм кәмбағаллық күшеймекте. Бундай қыйын жағдай ЮНЕСКОның тийкарғы ўазыйпаларын толық әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлеримизди ҳәр қашанғыдан да көбирек бирлестириўди талап етпекте”, деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан ЮНЕСКОның уллы ҳәм ийгиликли мақсетлерине қатаң садық екени, Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасында татыўлық көпири, ҳәмме ушын ашық ҳәм конструктивлик бирге ислесиў майданы болыўға бәрқулла таяр екени және бир мәрте атап өтилди.

ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле Өзбекстан басшысына миймандослық ҳәм тарийхый илажды шөлкемлестиргени ушын миннетдаршылық билдирди. Өз пикирлери менен ортақласып, ол Өзбекстанның усынысына бола ЮНЕСКО тарийхында, 40 жылда биринши мәрте бас конференция Парижден тысқарыда, Самарқандта өткерилип атырғанын, онда қатнасыўшы мәмлекетлердиң саны 110 нан аслам болғанын атап өтти. Одри Азуле сөзлерине бола, Самарқанд – “Қуяшқа бет бурған қала” бул – “мәдениятлар кесилиспесинде пайда болған ғәзийне”. Бундай орынның таңланыўы ЮНЕСКО миссиясының тийкарын қурайтуғын қәдириятлар, яғный қарым-қатнас, бирге ислесиў ҳәм ашық-айдынлық белгиси болып есапланады.

Бас директор Өзбекстан Президенти киргизген басламаларға айрықша тоқтап өтти. Оның сөзлерине бола, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламалары халықаралық күн тәртибиниң ең әҳмийетли бағдарларына тийисли. Бул бағдарлар – инклюзив билимлендириўди ҳәм ҳаял-қызлардың жетекшилик қәбилетлерин раўажландырыў, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў, ҳүжжетли мийрасты сақлаў, климат өзгерислерине қарсы гүресиў. Булардың барлығы, – деди Одри Азуле, – республиканың шөлкем идеялары ҳәм қәдириятларына садықлығы, оның тынышлық, өз-ара түсинисиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери жолындағы исенимлилигин тастыйықлайды.

ЮНЕСКО Бас конференциясының президенти Хондкер Муҳаммад Талха да Өзбекстанның ҳәрекетлерин жоқары баҳалады. Әнжуман қатнасыўшыларына мүрәжат етип, ол Әлийшер Наўайының “Илим ҳәм даналық инсанның жарасығы”, деген сөзлерин келтирди ҳәм бул сөзлер Өзбекстан Президентиниң жолын жүдә жақсы тәрийиплейтуғынын айтты. “Мине, усы инсан билим, илим ҳәм улыўма қәдириятларға қарай басланған жолды толық орынлап келмекте. Ҳәм бул қәдириятлар, соның менен бирге, ЮНЕСКОның идеаллары менен терең үнлес болып есапланады”, деди ол мәмлекетимиз басшысының жумысына жоқары баҳа берип.

Хондкер Муҳаммад Талханың атап өтиўинше, “Өзбекстан Президентиниң жолы ҳақыйқый мәмлекетлик ғайраткердиң жолы болып есапланады. Илимий потенциал, ҳәкимшилик данышпанлық ҳәм өз мәмлекетиниң тәғдири ушын терең жуўапкершилик сезимин өзинде жәмлеген бул мәмлекетлик ғайраткер өзиниң кең әмелий тәжирийбеси ҳәм стратегиялық көзқарасларына сүйенип, Өзбекстанды раўажландырыўдың заманагөй концепциясын қәлиплестире алды ҳәм оны жәмийет мәпи ушын исеним менен әмелге асырыўда даўам етпекте. Ҳүрметли Президент мырзаның басшылығында мәмлекет барлық тараўларда мисли көрилмеген раўажланыўға еристи. Өзбекстан өзин дүньяға ашты ҳәм изоляция, өз алдына шетлеў орнынан қарым-қатнас ҳәм әмелий дипломатияны абзал көрди.

Инсан қәдирин улығлаў принциплерин қоллап-қуўатлаған ҳалда ҳәр бир пуқараның абаданлығын тәмийинлеў жолынан барыўды таңлады”.

ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимиз басшысы елимиз ЮНЕСКО менен бирге ислесиўди кеңейтиўди мақсет еткенин атап өтти ҳәм бул бағдардағы бир қатар басламаларды алға қойды. Булар инклюзив билимлендириўди раўажландырыў ҳәм тараўда жасалма интеллект технологияларын кеңнен қолланыў, ЮНЕСКОның айрықша мүтәжлиги бар балалар ушын инклюзив билимлендириўди раўажландырыў платформасын енгизиў, Жәҳән профессионал билимлендириў саммитин өткериў, елимизде ЮНЕСКО қатнасыўында “Жасалма интеллект – мектеп” үлги жойбарын әмелге асырыў ҳәм Жасалма интеллект этикасы бойынша халықаралық экспертлер конференциясын өткериў болып есапланады.

Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың жетекшилик қәбилети ҳәм компетенциясын тәмийинлеў ушын глобаллық бағдарламаларды жедел иске қосыў ҳәм Самарқанд қаласында барлық континентлердиң белгили изертлеўшилери, көркем өнер ғайраткерлери, педагог ҳәм ойлап табыўшы ҳаял-қызлардың Билимлендириў, мәденият ҳәм илим тараўындағы глобаллық форумын өткериў усыныслары да киргизилди. Климат кризисине қарсы биргеликте нәтийжели гүресиў мәселеси де итибардан шетте қалмады. Әдил емес мәлимлемелерди тарқатыў, жәмийетшиликтиң пикирин алжастырыў ҳәм дискриминацияға қарсы биргеликте нәтийжели илажлар көриў айрықша зәрүрликке айланып атырғаны атап өтилди. Дүньяда динлераралық келиспеўшиликлер барған сайын күшейип атырған ҳәзирги шараятта кеңпейиллик, өз-ара түсинисиў ҳәм татыўлық сыяқлы улыўма адамзатлық идеяларды кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси тәрепинен ЮНЕСКО мақсетлери ҳәм миссиясының қоллап-қуўатланғаны, оның халықлар арасындағы исеним ҳәм өз-ара түсинисиў принциплерин беккемлеўге қосқан үлеси әнжуман мийманларының айрықша тән алыўына себеп болды. Олардың пикирин улыўмаластырған Хондкер Талханың атап өтиўинше, конференцияның жоқары дәрежеде өткерилгени Өзбекстан Президентиниң тарийхый басламасы себепли әмелге асырылды.

Қырғызстанның Франциядағы елшиси ҳәм ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкили Садық Шер-Нияздың атап өткениндей, Бас конференцияның 43-сессиясы Самарқанд қаласында өткерилгени – бул тек ғана Өзбекстанның жеңиси емес, ал пүткил Орайлық Азия ҳәм барлық түркий тиллес халықлар ушын үлкен мақтаныш болып есапланады.

“Өзбекстан ушын, бизиң досларымыз ҳәм пүткил регион ушын мақтаныш сезими толып-тасып кетти, – деди ол. – Ўақыяның әҳмийетин тәрийплеп бериў қыйын. Бүгин Самарқандта пүткил дүньяның гуманитарлық элитасы жыйналды. Бул жерде мәденият, илим, билимлендириў, қоршаған орталықты қорғаўды раўажландырыўға, сондай-ақ, жасалма интеллектти раўажландырыў жолларын излеўге қаратылған тарийхый қарар ҳәм резолюциялар қабыл етилмекте”.

Дипломаттың сөзлерине бола, Президент Шавкат Мирзиёев келеси он жыллықта инсаният алдында турған стратегиялық ўазыйпаларды анық көрсетип берди. Бул бағдарлар оғада әҳмийетли ҳәм актуал, себеби олар тек ғана регионның емес, ал пүткил дүньяның гуманитарлық раўажланыў келешегин белгилеп береди.

Сербия Президенти Александр Вучичтиң пикиринше, ЮНЕСКОның илажы Өзбекстанда өткерилиўи бул мәмлекеттиң дүнья мәдений мийрасын сақлаўдағы ролиниң тән алыныўы болып есапланады. Ол өзиниң Самарқандта болыўын үлкен мақтаныш және бул әййемги қаланың бийбаҳа мийрасы менен танысыў имканияты, деп есаплайды.

– Конференция ЮНЕСКОның келешектеги илажлары ушын үлги болатуғынына исенемен, ол халықлар арасындағы мәдений байланыслар ҳәм өз-ара бир-бирин түсиниўге хызмет етеди, – деп жуўмақлады сөзин Сербия басшысы.

Соңғы ҳәптелердеги ўақыялар соны тастыйықлайды, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған сыртқы сиясат өзгеше сапа басқышына шықпақта. Өзбекстан тек ғана пүткил жәҳән сиясатының жаңаша ўақыяларына бейимлеспекте емес, ал өзи де оның белсенди қатнасыўшыларынан бирине айланбақта. Көрип турғанымыздай, прагматизм, миллий мәплер ҳәм дүньяға ашықлықты өзинде бирлестирген избе-из ҳәм пуқта ойланған стратегия әмелге асырылмақта. Жетекши мәмлекетлер менен биргеликте басламаларды исенимли алға қойыў, глобаллық гуманитар ҳәм мәдений күн тәртибиндеги тийкарғы рольди атқарыў – булардың барлығы реал нәтийжелерге алып келмекте. Жаңа Өзбекстан өзиниң исенимли ҳәм ҳүрметли шерик сыпатындағы статусын дәлиллемекте ҳәм бул статус ҳақыйқый тән алыўға себеп болмақта.

Жанажан Ўатанымыздың бүгинги нурлы таңлары, дүньяда теңлер арасында теңдей жоқарылап атырғаны ҳәр биримизде мақтаныш сезимлерин оятады. Жүректи толқытқан мақтаныш, қуўаныш ҳәм толқынланыў ерксиз түрде қосық қатарларына айланады:

Дүньяға бет бурған Өзбекстан бул,

Еле жазылажақ мыңлап дәстан бул,

Жақсылық, абатлық ҳәр қәдеминде,

Мақтанышы, бәлент мәңги бостан бул.

 

Бул әлем тән берген даӊқ-саўлаты бар,

Ҳәр нәрсени жеңетуғын мәртлиги бар,

Елге ғамхор, тынып-тыншымас мудам,

Елбасшы бар – бахыт-саадаты бар!

Ўткир РАҲМАТ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги