Темир жол тараўын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў режелери бойынша мағлыўмат берилди

Президент Шавкат Мирзиёевқа темир жол тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси жылларға режелер таныстырылды.
Темир жол тармағында басланған кең көлемли трансформация процесслери өзиниң унамлы нәтийжелерин бере баслады. Өткен жылды тармақ биринши мәрте сап пайда менен жуўмақлады, усы жылдың биринши тоғыз айында сап пайда 800 миллиард сумнан артты. Транзит ҳәм жолаўшы тасыў, экспорт ҳәм инвестиция көлемлери өсип бармақта.
Презентацияда бул нәтийжелер менен шекленип қалмастан, халықтың саны ҳәм экономиканың өсиўине сәйкес түрде темир жол транспорты хызметлериниң сапасын ҳәм қамтып алыўын кеңейтиў, тармақта қәрежетлерди қысқартыўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, транспорт есабынан баслап, ҳәрекет ағымына шекемги барлық басқышларда жасалма интеллект тийкарында қадағалаў орнатыў арқалы қәрежетлерди таллаў, жол қойылып атырған жоғалтыўларды анықлаў ҳәм сол тийкарда өзине түсер баҳаны 20 процентке азайтыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

2026-2030-жылларда жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин кеминде еки есеге арттырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Оны тәмийинлеў ушын 151 километр жаңа темир жол қурыў, 182 километр аралықтағы жолларды электрлестириў, сондай-ақ, 27 станция ҳәм 1 мың километр жолды модернизациялаў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Соның ишинде, “Нурафшан – Пскент – Бўка – Бекабад – Боявут – Янгиер” ҳәм “Хавас – Даштабад” жөнелислеринде электрлестирилген жаңа темир жоллар қурылады. “Қумқорған – Қудықлы”, “Самарқанд – Үргит” ҳәм “Байтқорған – Паркент” жолларын электрлестириў, “Ташкент – Самарқанд”, “Тоқымашы – Ангрен” ҳәм “Ангрен – Поп” жолларының өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў режелестирилген.
Республика бойлап қалалар әтирапында қатнайтуғын поездлардың ҳәрекетин жеделлестириў мақсетинде әмелдеги 40 жөнелиске қосымша және 15 жаңа жөнелис ашыў усыныс етилди.
Атап айтқанда, “Ташкент – Нурафшан – Аҳангаран – Ангрен”, “Наўайы – Зарафшан – Үшқудық”, “Қоқан – Наманган – Әндижан – Марғилан”, “Термиз – Қумқорған – Байсын – Дәрбент”, “Нөкис – Шават – Үргениш – Хийўа”, “Жиззақ – Дослық – Айдар-Арнасай көли”, “Қаршы – Шаҳрисабз” сыяқлы бағдарларда қала әтирапы қатнаўларын жолға қойыў арқалы халықтың күнделикли сапарлары ушын қолайлы шараят жаратылыўы атап өтилди.

Мәжилисте жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын тармақты кеңейтиў мәселесине де тоқтап өтилди. Узынлығы 102 километр болған “Наўайы – Бухара” темир жол линиясын пайдаланыўға киргизиўди жеделлестириў тапсырылды. Бул жолдың иске қосылыўы жүк ҳәм жолаўшы тасыўда ўақыт ҳәм қәрежетлерди сезилерли қысқартыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Келеси жыллары ашылатуғын жаңа жөнелислер ҳәм қурылып атырған жоллар ушын локомотив ҳәм вагонлар паркин кеңейтиў бойынша да режелер билдирилди.
Соның ишинде, Қытайдан 38 магистраль локомотив, 50 манёврлы ҳәм гибрид манёврлы локомотив сатып алыў нәзерде тутылған. Кореяның “Hyundai Rotem” компаниясы менен биргеликте 6 жоқары тезликтеги электропоезд алып келип, олардан бириншисин келеси жылы “Ташкент – Үргениш – Хийўа” жөнелисинде қатнаўға қойыў тапсырылды. Бул арқалы жөнелисте жол ўақты ҳәзирги 14 сааттан 7,5 саатқа шекем қысқарыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде 250 заманагөй жолаўшы вагонларын қурыў, қалалараралық қатнайтуғын 23 электр поездын сатып алыў арқалы жолаўшыларға шараятлар кеңейтиледи. 10 мың жүк вагонларын қурыў, 6 мыңнан асламын тиклеў ҳәм 12 электровозды капитал оңлаў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Темир жол тараўында жеке меншик шериклик жойбарларын көбейтиў зәрүр екенлиги де көрсетип өтилди.
Мәжилисте “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол қурылысы бойынша әмелий жумыслардың барысы да көрип шығылды.
Президентимиз бул жолдың Орайлық Азияда транспорт байланыслылығын арттырыў ҳәм мәмлекетимиздиң транзит потенциалын буннан былай да беккемлеўдеги стратегиялық әҳмийетин айрықша атап өтип, қурылыс жумысларының сапасын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
Мәжилис жуўмағында темир жол тармағын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў бойынша белгиленген жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланып, қәрежетлерди оптималластырыў, сондай-ақ, тараўда жолаўшылар ҳәм бизнес ушын және де қолайлы, қәўипсиз ҳәм исенимли орталық жаратыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
ӨзА