Юнесконың тарийхый Самарқанд форумы Өзбекстанниң белсенди халықаралық дипломатия ҳәм ашық-айдын сөйлесиўге бәрқулла таяр екенин көрсетти

Самарқандтағы конгресс орайында БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО) Бас конференциясы 43-сессиясының жуўмақлаўшы мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте шығып сөйлегенлер 30-октябрьде басланған бул халықаралық форум соңғы 40 жылда биринши мәрте ЮНЕСКОның Париж қаласындағы бас резиденциясынан тысқарыда, тарийхый Самарқандта өткерилгени менен үлкен әҳмийетке ийе болғанын атап өтти. Онда шөлкемге ағза 180 нен аслам мәмлекеттен 4,6 мың ўәкил қатнасты ҳәм ЮНЕСКО тарийхында Бас конференция сессияларында усы ўақытқа шекем бундай көп қатнасыўшы болмаған илаж сыпатында баҳаланды.
Бас конференция 43-сессиясының ашылыў мәресиминде қабыллаўшы мәмлекет – Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен бирге мийман сыпатында Сербия Президенти Александр Вучич, Словакия Президенти Петер Пеллегрини қатнасты.
Еки ҳәпте даўамында Бас конференция сессия мәжилислери менен бирге 150 ден аслам илаж, семинар ҳәм конференциялар, халықаралық көргизбелер ҳәм концерт бағдарламалары көрсетилди. Шөлкемге ағза мәмлекетлер тәрепинен презентациялар өткерилди.
Әнжуман күнлеринде Самарқанд ЮНЕСКОның ХIV Жаслар форумына басшылық етти ҳәм онда жаслар дүньядағы глобаллық климат өзгерислерин додалап, өз идеялары менен басламаларын билдирди. Бул басламалар Бас конференция 43-сессиясы мәжилислеринде, миллий комиссиялар мәжилислеринде көрип шығылды.



















Самарқанд форумы илажлары шеңберинде биринши мәрте Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығы өз ийелерине тапсырылды. Бразилияның Минас-Жераис федерал университети (UFMG) компьютер технологиялары бойынша ҳүрметли профессоры Виргилио Аугусто Фернандес де Алмеида, Париждеги Америка университетиниң профессорлары Сюзан Перри ҳәм Клаудия Рода және Қытайдың Синхуа университети жанындағы халықаралық жасалма интеллектти басқарыў институтының илимпазлары усы сыйлық пенен сыйлықланды.
Бас конференцияның 43-сессиясында 2017-жылдан берли ЮНЕСКОға басшылық еткен Одри Азуле ханымның ўәкиллик мүддети жуўмақланып, ол салтанатлы түрде шығарып салынды. Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасында илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларындағы байланысларды раўажландырыўдағы үлкен хызметлери және халқымыздың бай мәдений мийрасын кеңнен ен жайдырыўға қосқан жеке үлеси ушын Одри Азуле ханым мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – “Дўстлик” ордени менен сыйлықланды.
Египетлик илимпаз ҳәм сиясий ғайраткер Ҳолид ал-Ананий ЮНЕСКОның жаңа Бас директоры етип сайланды ҳәм шөлкемниң 12-басшысы сыпатында Самарқандта инаугурация мәресимин өткерди.
Бас конференция сессиясы шеңберинде Самарқандта жәҳән көркем өнер жулдызлары – маэстро Владимир Спиваков ҳәм белгили пианиношы Элен Мерсье, белгили француз композитори ҳәм ЮНЕСКОның жақсы нийет елшиси Жан-Мишель Жаррдың концерт бағдарламалары қойып берилди.
– Биз шөлкемимиздиң соңғы қырқ жылдағы тарийхында биринши мәрте Париждеги бас резиденциямыздан тысқарыда, дүньяға белгили Самарқанд қаласында Бас конференцияның 43-сессиясын табыслы өткердик, – деди ЮНЕСКО Бас конференциясы 43-сессиясының баслығы Хондкер Муҳаммад Талха. – Бул Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тарийхый басламасы тийкарында әмелге асырылғаны ҳәм барлық ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери тәрепинен қоллап-қуўатланғанын айрықша атап өтпекшимен. Бул арқалы Өзбекстан ЮНЕСКО миссиясын қоллап-қуўатлайтуғынын, халықаралық дипломатия ҳәм сөйлесиўге ашық екенлигин және бир мәрте көрсетти. Еки ҳәпте даўамында Самарқанд ЮНЕСКОға ағза 180 нен аслам мәмлекет ўәкиллери, 4600 ден аслам қатнасыўшы, 20 ға шамалас мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем, 3 халықаралық шөлкем, 240 делегатты бир дөгерекке бирлестирди, олардың ҳаўазын тыңлаў имканиятын жаратты. Бул ҳаўазларда биз бүгин дүнья халықлары ушырасып атырған глобаллық машқалалар бойынша жедел илажлар қабыл етиўге шақырыўды, түрли регионларда жүз берип атырған келиспеўшиликлерди дипломатиялық сөйлесиў жолы менен шешиўге шақырыўларды, климат өзгериўи машқалаларына биргеликте шешим табыўға умтылыў, ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, балалардың сапалы билим алыўын тәмийинлеў кепиллигин жаратыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерди тыңладық, өз көзқарасымызды билдирдик. Бул жердеги додалаўлар ҳәм қабыл етилген қарарлар әлбетте, ЮНЕСКО мақсетлерин жүзеге шығарыў, дүнья халықларының мәплерин исенимли қорғаўға хызмет етеди.
Жуўмақлаўшы мәжилисте Өзбекстанның ЮНЕСКОдағы турақлы ўәкили Камол Мухторов 43-сессияның табыслы өткерилиўинде шөлкемниң штаб-квартирасы менен нәтийжели бирге ислесиў әҳмийетли фактор болғанын атап өтти ҳәм мәмлекетимиз усы абырайлы структура менен байланысларды буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы