Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтеди

15-16-ноябрь күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтеди.
Саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, сондай-ақ, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе қатнасады.
Илаж күн тәртибинен Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, тийкарғы тараўларда биргеликтеги жойбарлар менен басламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алған. Регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылады.
Мәсләҳәт ушырасыўының жуўмақлары бойынша көп тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламының қабыл етилиўи күтилмекте.
Регион мәмлекетлери басшыларының турақлы мәсләҳәтлесиўлерин өткериў басламасы Өзбекстан жетекшиси тәрепинен 2017-жылдың сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған еди.
Өзбекстанның бул форматтағы басшылығы дәўиринде бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларын қамтып алған 20 дан аслам ири илажлар өткерилди.
ӨзА