Балалар билим ҳәм шеберлик арттырмақта

83

Фоторепортаж

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы Республикалық “Бәркамал әўлад” балалар мектебинде “Мәденият ҳәм көркем өнер”, “Техника, конструкторлық ҳәм модельлестириў”, “Дене тәрбиясы ҳәм спорт”, “Өнерментшилик ҳәм қол мийнети”, “Туризм ҳәм экология”, “Жоқары оқыў орынлары ҳәм мектепке таярлаў” ҳәм “Шет тиллер” бағдарлары бойынша 42 дөгерек шөлкемлестирилген.

Мектепте 1165 оқыўшы билим ҳәм шеберлик арттырмақта. Дөгерек ханаларында шынығыўларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр барлық шараят жаратылған. Тәрбияланыўшылар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм республика көлеминдеги таңлаў ҳәм фестивальларда табыслы қатнасып келмекте.

“Бәркамал әўлад” балалар мектеплеринде 2025-жылдан баслап жолға қойылған “STEAM” жаңа билимлендириў бағдарламасы бойынша бул жерде де дөгереклер жумысы жолға қойылып, тәжирийбе сыпатында мектептен тысқары билимлендириўге енгизилмекте.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, “Өнермент” ассоциациясы менен биргеликте дөретиўшилик таңлаўлар, фестивальлар, оқыў-шынығыўлар ҳәм семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА