Автомобиль “пробег”ин өзгертип сатқанларға жуўапкершилик белгилениўи мүмкин

Ҳәзирги күнде социаллық қәўипли қылмыслардың жаңа түрлери кеңнен тарқалмақта. Атап айтқанда, пайдаланылған транспорт қуралларын қымбат баҳаларда сатыў мақсетинде одометр көрсеткиш (қанша аралық жүргенин көрсететуғын табло) ин қәлбекилестириў жағдайлары бақланбақта.
Сол себепли, Парламенттиң Төменги палатасы депутатлары одометр үскенесиниң көрсеткишлери өзгертилгени ямаса одометр үскенеси алмастырылғаны ҳаққында автотранспорт қуралын реализациялаўдан алдын сатып алыўшыны хабардар етпеў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын белгилеўге байланыслы нызам жойбарын ислеп шықты.
Оған бола, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс төмендеги мазмундағы 121-1-статья (Автотранспорт қуралларының одометр көрсеткишлери өзгертилгенлиги ямаса одометр үскенеси алмастырылғанлығы ҳаққында хабардар етпеў) менен толықтырылады:
“Автотранспорт қуралының басып өткен аралығын көрсетиўши одометр үскенеси көрсеткишлериниң өзгертилгени ямаса одометр үскенеси алмастырылғаны ҳаққында автотранспорт қуралын реализациялаўдан алдын қарыйдарды хабардар етпеў –
базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады,”- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги