Сенатор: Биз халқымыз мәпи, инсан саламатлығын беккемлеўге қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлаймыз

Саламат миллет – ҳәр қандай мәмлекеттиң тийкарғы байлығы, оның экономикалық потенциалы, руўхый қүдирети ҳәм келешектеги раўажланыўының гиреўи.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты:
– Өткен сегиз жыл даўамында мәмлекетимиз басшысының ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде “Инсан саламатлығы – уллы қәдирият” деген принцип тийкарында денсаўлықты сақлаў системасында тарийхый өзгерислер әмелге асырылғанын атап өтиў керек.
Жаңа система, жаңа қатнас ҳәм жаңа бағдарламалар әмелиятқа енгизилди. Бул тараў тек ғана инфраструктура жағынан емес, ал мазмун жағынан да жаңа басқышқа көтерилди. Топланып қалған көплеген машқалалардың шешимине қаратылған қатаң илажлар көрилди.
Пикиримизди санлар менен түсиндиретуғын болсақ, соңғы бес жыл ишинде қәнигелестирилген орайлар 7,5 триллион сумнан аслам қаржы есабынан заманагөй жағдайға келтирилген ҳәм мыңлаған медициналық үскенелер менен тәмийинленген.
Тараўға енгизилген DMED бирден-бир электрон платформасы 36 миллион пуқараның медициналық мағлыўматларын бирден-бир базаға жыйнаў, шыпакерлерге наўқас ҳаққындағы мағлыўматты тез алыў имканиятын жаратып, емлеў нәтийжелилигин арттырды.
Мәмлекетимиз басшысының медицина ҳәм фармацевтика тараўының ўәкиллери менен ушырасыўында мәмлекетимизде инсан саламатлығын қорғаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар талланып, келешектеги режелер белгиленди. Көплеген усыныс ҳәм басламалар алға қойылды.
Соның ишинде, келеси оқыў жылынан баслап медицина жоқары оқыў орынларында улыўма медицина факультетин ашыў ҳәм бул факультетте педиатрия ҳәм емлеў бағдарларын қамтып алыў, резидентура ҳәм магистратура системасы арқалы шаңарақлық шыпакерлер таярлап барыў усыныс етилди.
Ең әҳмийетлиси, резидентура студентлери бир ўақыттың өзинде ҳәм оқып, ҳәм ислеп мийнет ҳақы алатуғын система енгизилетуғыны атап өтилди. Бул болса, жас шыпакерлердиң маманлығын арттырыў менен бирге, олардың тараўда жумысын даўам еттириў ушын үлкен хошамет болып хызмет етеди. Сондай-ақ, 2027-жылға шекем Жоқары мийирбийкелик жумысы бағдары бойынша қабыллаў квоталарын еки есеге арттырыў, жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң мийнет ҳақысына 100 процент үстеме бериў ўазыйпасы белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы жеке меншик секторға кең имканиятлар жаратыў мақсетинде келеси жылдан медициналық үскенелер ҳәм тез жәрдем машиналарын алып келиўдеги жеңилликлерди үш жылға созыў, сондай-ақ, 200 миллион долларлық жеңиллетилген ресурс ажыратып, заманагөй клиникалар қурыў ушын исбилерменлерге жәрдем бериў басламасын да алға қойды.
Билдирилген бул басламалар, бәринен бурын, халқымыз мәпин тәмийинлеўге, инсан ушын ең әҳмийетли байлық болған саламатлықты беккемлеўге қаратылған. Басқаша айтқанда, бул системаның орайында инсан қәдири, оның өмири ҳәм саламатлығы турыпты.
Сол себепли биз бундай ийгиликли басламаларды қоллап-қуўатлаймыз. Оларды әмелде тәмийинлеў бағдарында нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, зәрүр болса, жаңа нызамлар қабыл етиў бойынша жумыс алып барамыз.
ӨзА