Нәшебентликке қарсы гүрескен пуқаралар көкирек белгиси менен сыйлықланады

79

Ҳүкиметтиң усы жыл 11-ноябрьдеги 717-санлы қарары менен «Наркотиклерге қарсы гүресиў пидайысы» көкирек белгиси ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Көкирек белгиси менен пидайы пуқаралар, биринши гезекте, жаслар сыйлықланады.

Көкирек белгиси менен сыйлықланыўға талабанлардың дизими Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Нәшебентлик затлар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлигине ҳәр жылы 1-майға шекем усынылады.

Көкирек белгиси, әдетте, ҳәр жылы 26-июнь – Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни алдында салтанатлы жағдайда тапсырылады.

Көкирек белгиси менен бир шахс бир мәрте сыйлықланады.

Көкирек белгиси мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги