Жерде күшли магнит бораны

Россия Илимлер академиясы Космослық изертлеўлер институты Қуяш астрономиясы лабораториясы тарқатқан хабарға бола, планетамызда ең жоқары тезлигине жақынласып атырған жүдә күшли магнит бораны басланған.
– Соңғы күнлерде қуяш ушқыны жеделлигиниң кескин артыўы тийкарында бүгин жетип келиўи күтилип атырған үш плазма бултының бириншиси Жерге әдеўир жақынласты, – делинеди хабарда. – Нәтийжеде ҳәзир геомагнит мониторинг әсбаплары тәрепинен планеталық көлемде жүдә күшли, дерлик G15 дәрежели магнит бораны дизимге алынбақта.
Илимпазлардың пикиринше, жағдай күтилген болжаўдан түсиниксиз дәрежеде парық қылады. Алдынғы үш шақмақ тәсири еле де жеримизге қарай ҳәрекетин даўам етпекте. Олардан тек ғана бириншиси, ең күшсизи бир түнде жетип келиўи ҳәм G1-G2 дәрежедеги боран қозғаўы мүмкин.

Тәсир шыңы үшинши ушқыннан кейинги плазма менен бир ўақытқа сәйкес келиўи күтилген. Бул да түски ўақытқа туўра келеди.
Изертлеўшилердиң түсиндириўинше, бирден-бир итималлы түсиник сол, жыл даўамындағы ең күшлиси сыпатында тән алынған кешеги жарылыўдан кейинги ҳәрекеттеги плазма булты рекорд тезлиги себепли алдында әстерек ҳәрекетленип атырған плазма бултын артта қалдырып, ийтерип ҳәм қысып, температура, тығызлық ҳәм магнит қәсийетин кескин арттырмақта.
Жерде магнит бораны пайда ететуғын Қуяш жарылыўы энергия ҳәм навигация системасын изден шығарады, санаат тармағының жумысын бузады, қуслар ҳәм ҳайўанлардың көшиў жолларына тәсир көрсетеди. Қуяштың активлесиўи Аврора бақлаўы география шеңберин кеңейтиўи мүмкин. Бул космослық ҳәдийсениң инсан саламатлығына тәсири менен байланыслы сораўға еле анық жуўап жоқ.
С. Раҳимов. ӨзА