Танымалылық ҳәм жекелик арасындағы нәзик шегара жоғалып баратыр ма?!

Бүгинги мәлимлеме әсиринде инсанлар өз турмысын социаллық тармақларда көрсетиў ҳәм басқалардың турмысын бақлаў әдетке айланған. Әсиресе, көркем өнер ҳәм медиа ўәкиллериниң ҳәр бир қәдеми, кийиниси, турмыс тәризи, шаңарақлық турмысы көпшиликтиң дыққат орайында.
Бул жағдай бир қарағанда тәбийғый сыяқлы көринеди. Себеби, адамлар сүйикли дөретиўшисиниң өмиринен илҳам алыўды, оған уқсаўды қәлейди. Бирақ бул процесс барған сайын тереңлесип, инсанның өз турмысына, мақсетлерине ҳәм ишки дүньясына итибарын кемейтип атырғанын сезбей қаламыз.
Алдын танымалылық дегенде талант, мийнет, идея ҳәм дөретиўшилик түсинилетуғын еди. Бүгин болса бул түсиник белгили дәрежеде өзгерип, танымалылық енди көбинесе шахстың ишки дүньясы ҳәм таланты емес, ал ол тармақларда қандай сәўлеленетуғынына байланыслы болып қалғандай. Сол себепли, көплеген белгили адамлар өзлериниң жеке өмирин көпшиликке усыныў арқалы дыққат орайында қалады. Бул болса тамашагөй, яғный әпиўайы адамларда тәбийғый түрде “басқа турмысқа кириў” сезимин күшейтеди.
Бирақ, бул процесстиң қәўипли тәрепи адамлардың өз турмысы менен бир қатарда басқалардың турмысы менен жасаў әдети қәлиплесип атыр. Қандай да бир көркем өнер ғайраткериниң шаңарақлық машқаласы, ажырасыўы ямаса жеке трагедиясы социаллық тармақларда демде трендке шығады. Бул ҳәдийсе болса еки тәреп – белгили шахсты да, бақлаўшыны да руўхый жақтан тәсир астында қалдырады.
Адам психологиясы әййемнен ўақыя, өсек ҳәм жәнжеллерге қызыққан. Бирақ социаллық тармақлар бул тәбийғый қызығыўшылықты жаңа басқышқа алып шықты. Енди бул глобаллық ҳәм системалы түрге енди. Ҳәр бир “лайк”, ҳәр бир түсиник ҳәм “story” инсан мийи ушын киши дофамин, яғный рәҳәтлениў гормонын бермекте. Усы тәризде биз басқалардың өмириндеги ўақыялар арқалы өзимизди ўақтынша бахытлырақ сезинемиз. Бирақ бул ләззет өткинши, ол ишки бослықты толтырмайды, мақсет бермейди.
Негизинде, сол дофаминди пайдалы бағдарға, мысалы дөретиўшиликке, оқыўға, жеке раўажланыўға жумсасақ, нәтийже бир қанша турақлы ҳәм мазмунлы болар еди. Бирақ, инсан санасы аңсат жолды таңлайды, ойлаўды, мийнетти талап етпейтуғын, бирақ тез ләззет беретуғын нәрселерге бериледи.
Айырым жағдайларда, жәмийетимизде адамлардың тийкарғы машқалаларға итибары азайып, екинши дәрежели темаларды орайға қоймақта. Басқалардың өмири, ажырасыўлары, жеке мүнәсибетлери миллионлап додалаўларды келтирип шығарады. Бирақ сол ўақытта социаллық, экономикалық, руўхый машқалалар сая астында қалады.
Бул “жумық көзлер” дәўириндей. Инсан өзиниң турмысын өзгертиўге емес, ал басқалардың турмысын талқылаўға ўақыт сарплайды. Усындайда сораў туўылады: биз ҳақыйқатында да жасап атырмыз ба ямаса басқалардың өмирин бақлап күн өткерип атырмыз ба?
Инсан өз өмири ҳәм мақсетлерин биринши орынға қоймаса, ол өзлигин жоғалта баслайды. Басқалардың “драмасын” көрип жасаў адамды руўхый жақтан шаршатады, турмысқа деген наразылық сезимин күшейтеди. Себеби, турақлы салыстырыў ҳәм бақлаў инсанды өз имканиятларынан наразы етеди.
Социаллық тармақлар заманагөй турмыстың ажыралмас бөлеги, бирақ ол турмыстың өзи емес. Биз оннан дурыс пайдаланыў, шегараларды билиў, руўхый еркинликти сақлаў арқалы пайдалы қуралға айландыра аламыз. Ҳәр бир инсанның өзине тән өмир жолы, мақсети ҳәм өмир философиясы бар. Басқа турмысқа ҳәдден тыс берилиў болса өзлигимизди жоғалтыўға алып келеди.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы