Өзбекстан Президенти Юта штаты менен қатнасықлардың беккемлениўин қоллап-қуўатлады

28

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Юта штатының Иса Масиҳ Соңғы дәўир әўлиелери ширкеўиниң ақсақалы Дэвид Беднар ҳәм “Stirling” халықаралық қайырқомлық фондының баслығы Майлс Хансеннен ибарат бизнес делегациясын қабыллады. Ушырасыўда АҚШтың Өзбекстандағы елшиси Жонатан Хеник те қатнасты.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларының пәти артып атырған шараятта Юта штаты менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.

Өзбекстан ҳәм Юта штаты арасындағы жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Санластырыў, билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўларында биргеликтеги жойбарлар басланған.

Инновациялар, таў-кән санааты, ҳаял-қызлар исбилерменлиги, инклюзив билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, суў тәмийнаты ҳәм санитариялық тараўларда жойбарларды әмелге асырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Жуўмағында аймақлараралық байланысларды раўажландырыў мақсетинде Юта штаты губернаторы басшылығындағы делегацияның Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА