БМШ: Климат өзгериўи 250 млн адамды жасаў орынларын таслап кетиўге мәжбүр етти

Соңғы 10 жыл ишинде ҳаўа-райының ынжықлықлары себепли 250 миллионға шамалас адам өз қалаларын ямаса аўылларын таслап кетиўге мәжбүр болды. Бундай ҳәдийселерге тек тосаттан жүз беретуғын тәбийғый апатлар (суў тасқынлары, боранлар, қурғақшылықлар) емес, ал шөллениў, теңиз қәддиниң көтерилиўи ҳәм экосистемалардың деградациясы сыяқлы әсте өтетуғын процесслер де киреди.
Есабат авторларының пикиринше, климат кризиси “қәўип-қәтер мультипликаторы” болып, ол бар социаллық ҳәм экономикалық теңсизликлерди, әсиресе, әскерий келиспеўшиликлерди басынан өткерип атырған мәмлекетлерде және де күшейтпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги