Қырғыз Республикасы UNESCO Атқарыў кеңесине ағза болды

Самарқандта БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – UNESCO Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде Қырғыз Республикасы 2025-2029-жылларға структураның Атқарыў кеңеси ағзалығына сайланды.
Атқарыў кеңеси UNESCO ның тийкарғы басқарыў уйымы болып, Бас конференция жумысын таярлаў, оның қарарларын әмелге асырыў ҳәм шөлкемниң стратегиялық ҳәм бағдарламалық тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў ушын жуўапкер. Кеңес төрт жылға сайланатуғын 58 ағза мәмлекеттен ибарат.
Атқарыў кеңесине ағзалық UNESCO жумысының стратегиялық бағдарларын қәлиплестириўде белсене қатнасыў, Орайлық Азия регионының тийкарғы бағдарларын алға қойыў, билимлендириў, илим, мәденият ҳәм коммуникация тараўларында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў имканиятын береди.
Еслетип өтемиз, UNESCO Бас конференциясы Қырғыз Республикасының басламасы менен 22-сентябрьди “Халықаралық көшпелилер мийрасы күни” деп жәриялаў ҳаққындағы резолюцияны қабыл етти.
Г.Сатторова, ӨзА