“Алтын гүз” 2-Халықаралық камер ҳәм симфониялық музыка фестивалы жуўмақланды

42

Пайтахтымыздағы “Түркстан” сарайында усы фестиваль қатнасыўшыларын сыйлықлаў мәресими және Өзбекстан миллий симфониялық оркестри ҳәм сырт елли көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы болып өтти.

Мәресим алдында Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Баҳодир Аҳмедов шығып сөйлеп, Батыс ҳәм Шығыс мәмлекетлериниң классикалық музыкасын көрсетиў, халықаралық категориядағы жетекши оркестрлер ҳәм атқарыўшылар арасында дослық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў және олардың өз-ара дөретиўшилик тәжирийбе алмасыўын тәмийинлеўде “Алтын гүз” Халықаралық камер ҳәм симфониялық музыка фестивалының орны шексиз екенин айрықша атап өтти. Барлық дөретиўшилик топарларға табыслы қатнасқаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Илаж даўамында фестивальға белсене қатнасқаны ушын бир қатар мийман жәмәәтлердиң ўәкиллери нҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы дөретиўшилерин сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Буннан соң салтанатлы жабылыў мәресимине бағышланған гала-концерт қойып берилди. Бағдарлама даўамында халықаралық таңлаўлардың жеңимпазлары Аяна Бекенова, Элгиз Бейшенбаев (Қырғызстан), Салтанат Орынбаева (Қазақстан), Шафоат Усмонзода, Манучеҳр Раҳмонов (Тәжикстан), Никита Стаценко, Сарвиноз Ўроқова (Өзбекстан), Фёдор Кабелский ҳәм Россия Федерациясында хызмет көрсеткен артист Юлия Рубина (Россия) тәрепинен атқарылған дүнья классикалық музыкасының белгили композициялары ҳәм қосықлары тамашагөйлердиң жоқары алғысларына миясар болды.

Итибарлы тәрепи, бул концерт бағдарламасында белгили композитор Ойдин Абдуллаеваның “Жаңа Өзбекстан” шығармасы биринши мәрте дүньялық премьера сыпатында атқарылды. Миллий саз әсбаплары, сато, танбур ҳәм дуўтар намаларының симфониялық оркестр үйлесиминде атқарылыўы усы музыкалық шығарманың тартымлылығын көрсетип, ықласбентлерге жоқары кейпият бағышлады.

Буннан тысқары, концертте В.А.Моцарт, И.С.Бах, Ж.Бизе, М.Глинка, С.Прокофьев сыяқлы белгили классикалық композиторлардың шығармалары шеберлик пенен тамашагөйлерге усынылды.

Усының менен, “Алтын гүз” екинши халықаралық камер ҳәм симфониялық музыка фестивальы өз жуўмағына жетти. Оның уллылығы ҳәм тәсирлери болса көп ўақытқа шекем дөретиўшилер ҳәм ықласбентлердиң қәлбинде сақланып қалыўы тәәжип емес.

Бул абырайлы фестиваль мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды және де беккемлеп, музыка көркем өнериниң тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршиликтеги күшин және бир мәрте көрсетти.

Н.Усмонова, ӨзА