Uzbekistan Airways билетлерге 20 процентке шекем шегирме жәриялады

57

Uzbekistan Airways 11.11 акциясын жәриялайды.

11-ноябрьден 18-ноябрьге шекем эконом класстағы ушыўлар ушын билетлерди тарифтен 20% шекем шегирме менен сатып алыўыңыз мүмкин. Акция Өзбекстаннан әмелге асырылатуғын барлық жөнелислерге, соның ишинде барыў ҳәм қайтыў авиақатнаўларына да тийисли.

Билетлерди booking.uzairways.com сайты, қосымша, UzbekistanAirways sales филиалы ямаса агентлерден сатып алыў мүмкин.

Жолаўшы тасыў тарифине қосымша түрде шегирме қолланылмайтуғын салықлар, жыйымлар ҳәм қосымша төлемлер қосылады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги