Электроника ҳәм инновациялық технологиялар – санааттың келешеги

44

Бизге белгили, заманагөй электрон ҳәм электротехникалық шешимлер барлық тараўларға кирип барған. Бүгинги күнде олар мәмлекетлик уйымлар ҳәм финанс-банк секторынан баслап, бизнес ҳәм күнделикли қолайлықларға шекем кеңнен енгизилмекте.

Усы мәнисте, инновациялық технологиялар процесслерди автоматластырыў, кәрхана нәтийжелилигин арттырыў, қәўипсизликти тәмийинлеў және экономикалық раўажланыў ҳәм турмыс сапасы ушын жаңа имканиятлар жаратады.

“Электроника, электротехника ҳәм инновациялық технологиялар – E-TechExpo 2025” 4-халықаралық көргизбесин шөлкемлестириў бул процессте әҳмийетли болып, онда тутыныўшы, санаат ҳәм бизнес ушын мөлшерленген алдынғы технологиялар, үскенелер ҳәм өнимлерди көрсетиў дәстүрге айланып үлгерди.

Бүгин пайтахтымыздағы “Өзекспоорай” миллий көргизбелер комплексинде өз жумысын баслаған “E-TechExpo 2025” халықаралық көргизбеси ислеп шығарыўшылар ушын және бир мәрте усындай майданды жаратып берди.

“Iteca Exhibitions” халықаралық көргизбе компаниясы ҳәм оның шериги “ICA Eurasia Group” және “Өзэлтехсанаат” ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда сырт ел компаниялары қатарында 100 ден аслам жергиликли кәрхана да қатнаспақта.

“Uzkabel”  акционерлик жәмийетиниң маркетинг бөлими қәнигеси Зуҳриддин Нормуродовтың атап өтиўинше, көргизбениң биринши күнинен-ақ кәрхана өнимлерине қызығыўшылардың саны бираз көп болған.

– Кәрханамыз кабель ҳәм өткизгиш өнимлерин ислеп шығарады. Заманагөй технология ҳәм үскенелерден пайдаланып, талап стандартларына сай сапалы өнимлер таярлаймыз. Өзиниң көп жыллық тарийхына ийе кәрхана бүгинги күнде 3 мыңнан аслам түрдеги өним ислеп шығармақта. 1000 нан аслам жумысшы-хызметкерге ийе компаниямыз жергиликли ҳәм сырт ел базарында өз орнына ийе. Көргизбе биз ушын бирге ислесиў имканиятларын кеңейтеди ҳәм усы мақсетте турақлы қатнасып келемиз, – деди ол.

Қатнасыўшылар тәрепинен заманагөй турмыслық техника, кабель-сым өнимлери, электр өткизгишлер, энергияны үнемлеўши жақтыландырыў системалары, трансформатор үскенелери, автоматластырылған басқарыў шешимлери ҳәм қуяш энергиясына тийкарланған инновациялық қурылмалар усыныс етилмекте.

– Үш жылдан берли жумыс алып барып атырған “Mono Electric” компаниямыз ишки ҳәм сыртқы базарда өз позициясын беккемлеп, турақлы раўажланбақта. Бүгинги күнде мәмлекеттиң ҳәр бир ўәлаятында шериклеримиз жумыс алып бармақта. Кәрханамыз электр үскенелерин ислеп шығарады, бул тараўда жоқары сапа ҳәм инновацияларға айрықша итибар қаратпақта. Ҳәзирги ўақытта өнимлеримиз 8 сырт мәмлекетке экспорт етиледи. Бул болса кәрхананың халықаралық майдандағы тән алыныўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын көрсетеди. Бүгинги күнде “Mono Electric”те 400 ден аслам қәниге жумыс ислейди. Соның менен бирге, биз имканияты шекленген шахслар менен бирге ислесип, олар ушын қосымша жумыс орынларын жаратыўға умтыламыз, – деди кәрхананың саўда бөлиминиң менеджери Шоҳрух Иногомов.

“E-TechExpo 2025” халықаралық көргизбеси заманагөй электрон ҳәм электротехникалық шешимлердиң әҳмийетин көрсетиў менен бирге, жергиликли ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, жаңа технологияларды сынақтан өткериў ҳәм инновациялық раўажланыў имканиятларын кеңейтиўде зәрүр есапланады. Бул түрдеги илажлар санаат ҳәм бизнес тараўын және де раўажландырыў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм келешектеги қолланбаларды жәмийетшиликке усыныўда айрықша әҳмийетке ийе.

Насиба Зиёдуллаева, Ойбек Пардаев (сурат), ӨзА