Өзбекстан ҳәм Вьетнам: мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли бирге ислесиў избе-из раўажланбақта

Мәмлекетлераралық дослық байланысларын және де беккемлеў, өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў ҳәм парламентлераралық қарым-қатнасты раўажландырыў мақсетинде көплеген мәмлекетлердиң парламентлери менен бирге ислесиў ҳәм дослық топарларының жумысы жолға қойылған.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Вьетнам Социалистлик Республикасы Миллий мәжилиси арасында да парламентлераралық бирге ислесиў бойынша топарлар шөлкемлестирилген.
Бул топарлардың онлайн ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы қатнасықлар әййемги тарийхый тамырларға ийе екени атап өтилди.

Бүгинги күнде еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли барлық тараўларда бирге ислесиў барған сайын избе-из раўажланып бармақта. Кейинги жылларда өткерилген жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сапар етиўлер өз-ара исенимди беккемлеп, бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты.
Мәдений-гуманитарлық тараўда өз-ара бирге ислесиў бойынша да пикир алысылды. Атап айтқанда, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде Вьетнам тили ҳәм мәденияты орайының жумыс алып барып атырғаны, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылғаны, бул болса, халықлар арасындағы жақын қатнасықларды беккемлеп атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлардың жумысын системалы жолға қойыў, олардың ҳәр жылы кеминде бир мәрте қоспа мәжилисин өткериў және гезектеги қоспа мәжилисти Өзбекстанда шөлкемлестириўге келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА